Глобаллық экологиялық қордың сегизинши ассамблеясы қатнасыўшыларына

88

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Ҳүрметли ассамблея қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сизлерди әсирлер даўамында Шығыс ҳәм Батысты, түрли мәденият ҳәм цивилизацияларды, илим ҳәм әмелий билимлерди байланыстырып келген әййемги Самарқанд қаласында қызғын қутлықлаў биз ушын үлкен мақтаныш.

Бүгинги мәжилис 5-июнь – Пүткил жер жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни алдында өтип атырғаны айрықша рәмзий мәниге ийе. Усы мүнәсибет пенен әнжуман қатнасыўшыларын усы әҳмийетли сәне менен шын жүректен қутлықлайман.

Бәршеңиз жақсы хабардарсыз, бүгинги күнде инсаният мисли көрилмеген кризислер – климаттың өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болып кетиўи, қоршаған орталықтың патасланыўы сыяқлы қәўип-қәтерлерге дус келмекте.

Бундай машқалаларды шешиўде Глобаллық экологиялық қор айрықша орын ийелеп келмекте. 186 мәмлекетти бирлестирген бул сийрек ушырасатуғын глобаллық бирге ислесиў платформасы ҳәзирги ўақытқа шекем 170 миллиард АҚШ долларынан аслам экологиялық жойбарлар ушын қаржыны жумсағаны мақтаўға ылайық.

Тилекке қарсы, климат өзгериўи ақыбетинде жүзеге келген шөллениў, жер деградациясы, музлықлардың ериўи ҳәм суў жетиспеўшилиги Орайлық Азия ушын тийкарғы қәўип болып қалмақта. Жәҳән банкиниң таллаўына бола, регионымызда дерлик 37 миллион адам суў тамтарыслығы күшли болған аймақларда жасамақта ҳәм 2050-жылға барып, бул көрсеткиш 75 миллионға жетиўи мүмкин.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Жаңа Өзбекстан бар машқалалардың көлемине қарамастан, экологиялық трансформацияны жаңа раўажланыў модели сыпатында көрмекте. Сонлықтан, биз системалы жойбар басқарыўына өтип, атмосфера ҳаўасын қорғаў, биокөптүрлилик, шығындыларды басқарыў, көклемзарластырыў, экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты қамтып алған бес миллий жойбарды әмелге асырмақтамыз.

Бул басламалар шеңберинде 2030-жылға шекем қорғалатуғын тәбийий аймақлар майданын республика аймағының 21 процентине шекем кеңейтиў, ҳаўаға зыянлы шығындыларды 10,5 процентке қысқартыў ҳәм ҳәр бир аймақта дендрология ҳәм ботаника бағларын шөлкемлестириў режелестирилген.

Шығындылардан энергия ислеп шығарыў бойынша усы жылы 2, келеси еки жылда және 9 заводты иске қосыў белгиленген, олар жылына 5,5 миллион тонна шығындыны қайта ислеў арқалы 1,1 миллион тонна ыссыхана газлери шығындыларын қысқартыўға жәрдем береди.

Елимизде экологиялық билимлендириў ҳәм илимниң бирден-бир экосистемасы қәлиплестирилип, “Green University”  тийкарында 10 илимий-изертлеў институты ҳәм орайы және 14 “жасыл” техникум бирлестирилди, дерлик 2 миллион жастың экологиялық саўатлылығын арттырыў процеси баслап жиберилди.

Биз өткен әсирде жүз берген Арал апатшылығына жаңаша қатнас жасап, оның ақыбетлерин сапластырыў, Аралбойы аймағын тиклеў, илим ҳәм инновациялар майданына айландырыў жолында 2 миллион гектардан аслам зүрәәтлиликти жойтқан жерлерди қайта тиклемектемиз.

Регионаллық ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм әмелий шешимлерди енгизиў мақсетинде “Eco Expo Central Asia” платформасы жолға қойылды, ол аймақлар ҳәм санааттағы экологиялық машқалаларды шешиўге қаратылған жойбарларға финанслық ресурслар ҳәм “жасыл” шешимлерди тартыўға хызмет етеди.

Пурсаттан пайдаланып, Сизлерди шөлкемлестирилген көргизбеге мирәт етемен. Жасыл жойбарларымыз пайдалы келисимлерге тийкар болады деп үмит етемен.

Қәдирли дослар!

Әлбетте, климат өзгериўиниң күн сайын күшейип баратырған унамсыз тәсири бизден жедел әмелий қәдемлерди талап етпекте. Ассамблея шеңберинде бир қатар басламаларды алға қоймақшымыз ҳәм оларды турмысқа енгизиўде Сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңыз биз ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Бириншиден. Самарқандты “Орайлық Азияның жасыл инвестициялар ҳәм инновациялар пайтахты” деп жәриялаўды усыныс етемиз.

Биз Самарқандты регионаллық “жасыл экономика”, турақлы раўажланыў ҳәм климат қаржысы орайына айландырыўды, қаланы пилот “жасыл аймақ” сыпатында раўажландырыўды ҳәм усы тәжирийбени  кейин ала республиканың барлық қалаларына да енгизиўди мақсет еткенбиз.

Екиншиден. Буннан 600 жыл бурын Мырза Улығбек Самарқандты илим орайына айландырған болса, бүгинги күнде Колумбия университетиниң Турақлы раўажланыў орайы менен биргеликте Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети жанында Улығбек атындағы Турақлы раўажланыў илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилмекте.

Институт аймақларды ҳәм экономика тармақларын жасыл ҳәм турақлы раўажланыў тийкарында трансформациялаў, халықаралық илимий орайлар ҳәм қаржы институтларын тартыў бойынша жетекши илимий-аналитикалық платформа болады, оның стратегиялық басқарыўы болса Президент жанындағы Қәўендерлик кеңеси арқалы әмелге асырылады.

Үшиншиден. Климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерине қарсы нәтийжели шешимлер ислеп шығыў мақсетинде Климат өзгериўи ҳәм гидрометеорология миллий орайы шөлкемлестирилмекте.

Орай гидрометеорология, ерте ескертиў, гляциология, климат тәсирин баҳалаў ҳәм ыссыхана газлери мониторингин үйлестирип, климат прогнозлары, модельлестириў, бейимлесиў ҳәм митигация бағдарламалары, регионның бирге ислесиў және WMO GAW ҳәм NASA AERONET бағдарда қатнасыў ушын институционаллық тийкар жаратады.

  Төртиншиден. Жақында Қазақстан Президенти менен “Таза ҳаўа” мәмлекетлераралық консорциумын шөлкемлестириў бойынша келисимге еристик. Оның жумысы “жасыл” қаржыны тартыў, тоғай-мелиорация, илимий изертлеўлер, санаатты экологиялық модернизациялаў және мониторинг ҳәм қадағалаўды күшейтиўге қаратылған. Регионның барлық мәмлекетлерин Консорциум жумысына қосылыўға мирәт етемиз.

Бесиншиден. Шөллениўге қарсы гүресиў институты негизинде Аралбойында шөллениў ақыбетлерин жумсартыў, “жасыл” қалқанлар жаратыў ҳәм климатқа бейимлесиўге қаратылған “шөл экономикасы” басламасын алға қойып, оны Глобаллық экологиялық қордың әҳмийетли бағдарлары менен үнлес ҳалда халықаралық финанслық ҳәм техникалық жәрдем тийкарында әмелге асырыўды усыныс етемиз.

Алтыншыдан. 2027-жылғы Ташкент инвестиция форумы “Турақлы раўажланыў ҳәм жасыл инвестициялар” темасында өткерилип, оның шеңберинде “Eco Expo Central Asia” халықаралық көргизбеси шөлкемлестириледи.

Форумда ҳәр бир аймақ жасыл инвестицияларды тартыў ушын кеминде 100 перспективалы жойбарды таярлап, инвесторларға усынады.

Және бир әҳмийетли басламамызды жәрияламақшыман. Өзбекстан Глобаллық экологиялық қоры донор мәмлекетлери қатарына қосылыўға таяр. Биз Қордың Кеңесиниң ағзасы сыпатында биргеликтеги регионаллық басламаларды әмелий қоллап-қуўатлаў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўди мақсет еткенбиз.

Бүгин өз жумысын баслап атырған бул Ассамблея экологиялық бирге ислесиўдиң жаңа регионаллық архитектурасын қәлиплестириўде әҳмийетли майданға айланатуғынына беккем исенемен.

Әнжуман жумысына үлкен табыслар, бәршеңизге жаңа жетискенликлер ҳәм әўмет, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикаси Президенти