Өзбекстан Президенти Гонконг пенен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни Қытай Халық Республикасы Сянган (Гонконг) арнаўлы ҳәкимшилик аймағы Администрациясының басшысы Ли Цзячао басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Сөйлесиў алдынан Ли Цзячао мәмлекетимиз басшысына Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпинниң қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўин, соның ишинде, Гонконг пенен аймақлараралық алмасыўлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў арқалы буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў ўақтында соңғы жылларда Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта. Май айында Пекин қаласында Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Сиань қаласында үшинши Аймақлараралық форум табыслы өткерилди, Гонконгта экономикалық форум ҳәм санаат көргизбеси болып өтти, Өзбекстан саўда үйи ашылды.

Өзбекстан аймақларының Гонконг пенен экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыў ушын бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды. Ташкент қаласына Гонконг исбилермен топарларының ўәкиллеринен ибарат үлкен делегацияның келгенлиги бул бағдардағы шерикликти буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Саўда-экономикалық ҳәм финанслық байланысларды кеңейтиў, санаат кооперациясын жолға қойыў, билимлендириў, туризм ҳәм исбилерменлик алмасыўларын раўажландырыў және тиккелей авиақатнаўлар ҳәм пуқараларға консуллық хызметлерин көрсетиўди жолға қойыўды нәзерде тутатуғын комплексли бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

“Жасыл” энергетика, аўыл хожалығы, биотехнологиялар, санлы экономика, финтех, инновациялық стартаплар, жасалма интеллект ҳәм басқалар тийкарғы тараўлар сыпатында атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша биргеликтеги “жол картасы”н қабыл етиў, сондай-ақ, Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳәм жақын арада Гонконг пенен еки тәреплеме тийкарда визасыз тәртипти енгизиў бойынша келисимге ерисилди.
ӨзА