Өзбекстан Президенти Қырғызстан Президентине хат жоллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасының 2027-2028-жылларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы емес ағзасы етип сайланғаны мүнәсибети менен Президент Садир Жапаров ҳәм туўысқан қырғыз халқын шын жүректен қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысының хатында бул тарийхый жетискенлик тек ғана Қырғыз Республикасы емес, ал пүткил Орайлық Азия регионы ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул ўақыя Қырғызстанның халықаралық майданда барған сайын жоқарылап атырған абырай-мәртебесиниң әмелий тастыйығы сыпатында баҳаланды.
Сондай-ақ, Президент Садир Жапаров тәрепинен алып барылып атырған жақсы қоңсышылық, барлық мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған системалы ҳәм ақылға уғрас сиясат дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен тән алынып атырғаны атап өтилген.
Өзбекстан көп әсирлерден берли тарийхы, тили, дини, мәденияты ҳәм үрп-әдетлери уқсас болған, cоңғы жылларда стратегиялық шериклик қатнасықлары барған сайын тереңлесип атырған туўысқан Қырғызстан талабанын бул әҳмийетли процессте белсене қоллап-қуўатлағаны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бундай көзқарас буннан былай да избе-из даўам еттирилетуғынын билдирди.
Қырғыз Республикасының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесиндеги жумысы Орайлық Азия мәмлекетлериниң улыўма мәплерин алға қойыў, халықаралық майданда тынышлық-татыўлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти ҳәр тәреплеме тәмийинлеў, регионның жәҳән майданындағы абырайын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.