Президенттиң жаңа қарары қабыл етилди

“Өзбекстан – Япония орайы (VI басқыш)” жойбары әмелге асырылады.
“Япония менен техникалық бирге ислесиў шеңберинде “Өзбекстан – Япония орайы (VI басқыш)” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-211-санлы, 02.06.2026-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, “Өзбекстан – Япония орайы” жойбарының VI басқышы Япония Ҳүкиметиниң дәслепки баҳалаў тийкарында 2,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы техникалық жәрдем қаржыларын тартқан ҳалда әмелге асырылады.
Қарар менен Өзбекстан – Япония орайының жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режеси тастыйықланды, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги