Қырғызстан биринши мәрте БМШтың Қәўипсизлик кеңеси ағзалығына сайланды

24

БМШ Бас Ассамблеясында болып өткен даўыс бериў нәтийжелерине бола, Қырғызстан өз тарийхында биринши мәрте шөлкемниң Қәўипсизлик кеңеси қурамына кирди.

Орайлық Азия регионы ўәкили 2027-2028-жыллар даўамында кеңестиң турақлы болмаған ағзасы сыпатында жумыс алып барады. Бул регион мәмлекетлери дерлик он жылдан берли Қәўипсизлик кеңесинде ўәкилликке ийе болмағанын атап өтиў керек. Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлерине ажыратылған бирден-бир орын ушын болып өткен беллесиўдиң төртинши турында Қырғызстан 142 даўыс топлап, өз қарсыласы болған Филиппинди артта қалдырды.

Кеңеске сайланыў ушын талабан мәмлекетлер БМШқа ағза мәмлекетлердиң кеминде үштен еки бөлеги, яғный 127 даўыс алыўы шәрт еди. Сондай-ақ, болып өткен сайлаўларда Батыс Европа топарынан Австрия ҳәм Португалия, Латын Америкасы ҳәм де Кариб бассейни мәмлекетлеринен Тринидад ҳәм Тобаго, Африка материгинен болса Зимбабве де Қәўипсизлик кеңеси қурамына сайланды.

Мағлыўмат ушын, БМШ Қәўипсизлик кеңеси жәми 15 мәмлекеттен ибарат. Олардан 5 и Уллы Британия, Қытай, Россия, АҚШ ҳәм Франция вето ҳуқықына ийе болған турақлы ағзалар есапланады. Қалған 10 ағза болса еки жыл мүддетке сайланып барады. Быйылғы 2026-жылдың ақырында әмелдеги бес турақлы емес ағза Греция, Дания, Пакистан, Панама ҳәм Сомалидиң ўәкиллик мүддети тамамланады ҳәм олардың орнын жаңадан сайланған мәмлекетлер ийелейди.

Қәўипсизлик кеңеси дүньяда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын тиккелей жуўапкер структура болып, зәрүрлик пайда болғанда халықаралық қәўипсизликти тиклеў мақсетинде ҳәр қыйлы санкциялар енгизиў ямаса күш ислетиўге рухсат бериў ўәкиллигине ийе болып есапланады.

Ф.Яхшибоева, ӨзАның хабаршысы