Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады

60

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Қырғыз Республикасы Президенти ҳәм туўысқан халқын мәмлекеттиң 2027-2028-жылларда БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы емес ағзасы етип сайланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан жетекшиси бул табыс Қырғызстанның жедел сыртқы сиясаты және регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге қосып атырған салмақлы үлеси халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары тән алынып атырғанының айқын көриниси екенин атап өтти.

Тәреплер халықаралық майданда тығыз муўапықластырыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Сөйлесиў барысында мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары бүгинги күнде жоқары дәрежеге көтерилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар даўамында ерисилген, бәринен бурын, экономика, транспорт, энергетика тараўларында, мәдений-гуманитарлық бағдардағы келисимлердиң әмелий орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин де көрип шықты.