Туўысқанлық байланыслардан күш алған қатнасықлар

29

Мүнәсибет

Президентимиз Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қазақстан Республикасында болды. Мәмлекетимиз жетекшиси бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилиси илажларына қатнасты. Астанаға әмелий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың жанында Инвестиция ҳәм саўда тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер режесине қол қойыў мәресими болып өтти. Ҳүжжет усы жылдың апрель-май айларында еки мәмлекет басшыларының Бухара ҳәм Түркстан қалаларында болып өткен ушырасыўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға қаратылған.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиў ҳаққында сөз болғанда, олар арасындағы тарийхый туўысқанлық, дослық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған байланысларды айрықша атап өтиў керек. Бүгинги қыйын дәўирде еки мәмлекет басшылары және қазақ ҳәм өзбек халықлары арасындағы аўызбиршилик, тилеклеслик экономикалық раўажланыўға жол ашып, раўажланыўымызға үлкен түртки бермекте.

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда бир миллионға шамалас қазақ миллетиниң ўәкиллери жасайды. Олар өз ана тилинде, яғный қазақ тилинде билим алып, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеринен еркин пайдаланып келмекте. Тарийхый жақтан қарайтуғын болсақ, түркий тиллес қазақ ҳәм өзбек халықларының тек ғана тили емес, ал дини, қәлби ҳәм мәдений қәдириятлары да бир-бирине жүдә жақын.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде қазақ тилиниң сап түрде оқытылыўы ҳәм илимий жақтан үйренилиўи ушын кең имканиятлар жаратылды. Соның ишинде, Өзбекстандағы 7 жоқары билимлендириў мәкемесинде қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары жумыс алып бармақта. Олардың үшеўинде магистратура басқышы да бар.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жоқары маман кадрлар таярлаўға қаратылған басламасы менен 2018-жылдан баслап “Қазақ тили ҳәм әдебияты” қәнигелиги бойынша илимий жумыслар ислеўге шараят жаратылды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы “Азия ҳәм Африка халықлары тили ҳәм әдебияты” қәнигелиги қурамында шөлкемлестирилген кеңесте бүгинги күнге шекем 5 оқытыўшы илимий жумысларын табыслы қорғаған.

Атап айтқанда, Г.Адылова “Қарақалпақстан қазақлары тилиндеги үрп-әдет лексикасының этномәдений өзгешелиги”, Т.Төрткулбаева “Қарақалпақстандағы қазақ ақын-жыраўлар поэзиясы”, Б.Бекниязов “Қарақалпақстандағы қазақлар тилиндеги соматикалық фразеологизмлердиң лингвомәдений анализи” темасында илимий жумысларын жақлады. Ақмарал Серикбаева “Тахтакөпир районы топонимлериниң семантикасы ҳәм структурасы” атамасындағы жумысы бойынша филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ийе болды.

Буннан тысқары, Низамий атындағы Өзбекстан Миллий педагогика университети доценти Е.Абдувалитов “Улыўма орта билим бериў мектеплеринде туўысқан халықлар әдебиятын салыстырмалы оқытыў (өзбек, қазақ, қырғыз, қарақалпақ ҳәм түркмен тиллеринде билим берилетуғын мектеплердиң V-ХI класс әдебият сабақлары мысалында)” темасында докторлық диссертациясын қорғаған болса, усы университеттиң және бир оқытыўшысы Н.Абдувалитов “Улыўма билим бериў мектеплеринде жәҳән әдебиятын тереңлестирип оқытыў методикасы” темасындағы илимий жумысы ушын филология илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесине еристи.

Бүгинги күнде Өзбекстанда қазақ тилин үйрениў ҳәм оқытыў бойынша илимий жумыслар қорғалып, бир қатар мақалалар ҳәм монографиялық изертлеўлер басып шығарылмақта. Бул аймақтағы қазақлар өз ана тилин таза ҳалда сақлап келмекте. Олардың сөйлеў тили фонетикалық, лексикалық, морфологиялық ҳәм сөзлик қурамы жағынан белгили дәрежеде парық қылса да, қазақ халқының бирден-бир миллий тилинен онша узақласып кетпеген. Себеби жергиликли қазақлар тилинде аймақлық өзгешеликлер менен бир қатарда, ҳәзирги әдебий тилде гөнерип, қолланыўдан шыққан айырым әййемги сөзлер де елеге шекем сақланып қалған.

Өзбекстанда жасаўшы миллионға жақын қазақлардың тил өзгешеликлери аймақлық айырмашылықларының көплиги ҳәм қурамалылығы менен ажыралып турады. Буның тийкарғы себеплеринен бири, бул аймақта қазақ тилинде билим бериўши бир неше мектеплер бар. Сондай-ақ, қазақ тилинде “Нурлы жол” газетасы басып шығарылмақта. Буннан тысқары, қазақ класслары ушын журналлар, китаплар ҳәм сабақлықлар да басып шығарылмақта.

Соның менен бирге, радио ҳәм телевидениеде де қазақ тилиндеги “Алтын аймақ,” “Ата мекен”, “Дидар” ҳәм “Арайлы өңир” атлы бағдарламалар турақлы эфирге узатылмақта. Булардың барлығы елимизде қазақ тилиниң системалы түрде үйренип киятырғанынан дерек береди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен илимпазлар, илимий излениўшилер ҳәм студентлер ушын жаңа имканиятлар жаратылмақта. Әсиресе, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бүгинги күнде Қазақстанның “ТОП-300” дизимге киретуғын жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў байланыслары және де жеделлескен.

Соның ишинде, Қазақстан Республикасындағы Ал-Фарабий атындағы Қазақ миллий университети ҳәм Л.Гумилёв атындағы Евроазия миллий университети менен биргеликте “Қос диплом” бағдарламасы тийкарында магистратура бағдары ашылды. Сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар ушын қәнигелигин арттырыў курслары ҳәм академиялық мобиллик мәселелери де нәтийжели жолға қойылған.

Әзелден бирге жасап киятырған еки мәмлекет илимпазларының биргеликте әмелге асырып атырған жумыслары оғада үлкен. Әсиресе, халықларымыз әдебияты ҳәм мәденияты арасындағы байланыслар барлық туўысқанлық қатнасықлардың ең әҳмийетли ҳәм бийтәкирар дереги болып есапланады.

Ырысты ҚУТТЫМУРАТОВА,

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты

 Қазақ, түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги