Саида Мирзиёева Вена қаласында болып өткен БМШ Жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынайый әдил судлаў комиссиясының 35-сессиясында миллий баянат пенен шығып сөйледи

21

Өзбекстан усы жылы биринши мәрте усы абырайлы структураға ағза болды.

Баянатта елимизде әдил судлаў, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм жаслардың ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы реформалар атап өтилди және кибержынаятшылық, коррупция ҳәм шаңарақлық зорлыққа қарсы халықаралық бирге ислесиўде гүресиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сапар етиў шеңберинде Президент Администрациясының басшысы Австрия Федерал канцлери Кристиан Штокер, ЕҚБШ бас хаткери Феридун Синирлиўғли, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, шөлкемниң Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының жаңа атқарыўшы директоры Моника Жума ҳәм басқалар менен ушырасыўлар өткерди.

Буннан тысқары, Саида Мирзиёева Вена қаласында халықаралық шөлкемлерде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыз бенен де ушырасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги