Өзбекстанда ҚҚС төлеўшилер саны 268 мыңнан асты

25

Салық комитетиниң мәлим етиўинше, 2026-жыл 1-май жағдайына бола, Өзбекстанда арнаўлы дизимнен өткен қосымша қун салығы (ҚҚС) төлеўшилериниң саны 268 мың 375 ти қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 18,6 процентке артқан.

Жуўапкер уйымлардың мағлыўматларына бола, ҚҚС төлеўшилериниң ең үлкен бөлеги саўда тараўының үлесине туўра келмекте. Бул бағдарда 99,8 мың исбилерменлик субъекти ҚҚС төлеўшиси сыпатында дизимнен өткен.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўында 50 мың, хызмет көрсетиў тараўында болса 42,9 мың ҚҚС төлеўшиси жумыс алып бармақта.

Таллаўларға бола, ҚҚС төлеўшилери санының ең жоқары өсиў пәтлери де айырым тармақларда белгиленген. Атап айтқанда, саўда тараўында өсиў 29,7 процентти, хызмет көрсетиў тараўында 27,5 процентти, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында болса 18,2 процентти қураған.

Атап өтилиўинше, ҚҚС төлеўшилер санының артыўы мәмлекетте исбилерменлик орталығының жақсыланып атырғаны, экономикалық белсендиликтиң кеңейиўи ҳәм бизнес субъектлериниң рәсмий секторға тартылып атырғанынан дәрек береди.

Ш.Маматуропова, ӨзА