Өзбекстан университетлериниң дипломлары халықаралық көлемде тән алыныўына жол ашылды

19

Лондон қаласында өткен “Education World Forum – 2026” шеңберинде жоқары билимлендириўде сапаны тәмийинлеў тараўындағы ең ири халықаралық тармақлардан бири – INQAAHE (International Network for Quality Assurance Agencies in Higher Education)ге Билимлендириў сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги толық ағза болды.

Бул ағзалық Өзбекстан миллий аккредитация системасының халықаралық стандартларға муўапықлығын аңлатады.

INQAAHEге толық ағзалық бир қатар имканиятларды кеңейтеди.

Атап айтқанда, аккредитациядан өткен жоқары билимлендириў мәкемелери дипломларының халықаралық көлемде тән алыныўы күшейеди, питкериўшилердиң сырт елде билимлендириў ҳәм мийнет етиўди даўам еттириў имканиятлары кеңейеди. Буннан тысқары, мәмлекетлик аккредитация нәтийжелериниң халықаралық дәрежеде тән алыныўы артады, жоқары оқыў орынларының халықаралық рейтинглер, аккредитация процесслери ҳәм грант бағдарламаларында қатнасыўы жеңиллестириледи.

Сондай-ақ, жетекши сырт ел университетлери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары, еки дипломлы бағдарламалар және студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўының көлеми кеңейеди.

Аккредитация процесслерине INQAAHE тармағы арқалы жоқары маманлықтағы халықаралық экспертлерди тартыў имканияты жаратылады, бул болса мәмлекетлик аккредитацияның сапасын және де арттырады.

Миллий экспертлердиң маманлығын арттырыў ҳәм халықаралық тәжирийбени системалы үйрениў имканиятлары кеңейеди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА