Орайлық Азия ҳәм UNEP экологиялық бирге ислесиўди және де кеңейтеди

Глобаллық экологиялық фондтың (GEF) VIII Ассамблеясы шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң қоршаған орталық тараўы басшылары ҳәм БМШтың Қоршаған орталық бағдарламасының (UNEP) атқарыўшы директоры Ингер Андерсен арасында әҳмийетли ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Қазақстан экология ҳәм тәбийий ресурслар министри Ерлан Нисанбаев, Тәжикстан ҳүкимети жанындағы Қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Баҳодур Шерализода және Қырғызстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери қатнасты.
Сөйлесиў даўамында тәреплер регионаллық экологиялық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм UNEP пенен бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелерин додалады.

Атап өтилиўинше, кейинги жыллары Орайлық Азияда қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат күн тәртиби мәмлекет басшылары дәрежесинде мисли көрилмеген дәрежеде итибар орайына шыққан. Оған 2025-жылы өткерилген Самарқанд климат форумы ҳәм Астана қаласындағы Регионаллық экологиялық саммит айқын мысал бола алады.
Сөйлесиўлердиң тийкарғы темаларынан бири ҳаўа сапасын жақсылаў ҳәм “Таза ҳаўа ушын мәмлекетлераралық коалиция” басламасын раўажландырыў болды. Қатнасыўшылар қум ҳәм шаң боранларының халық саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўға қаратылған регионаллық жойбарды UNEP пенен биргеликте ислеп шығыў мәселесин додалады.
Сондай-ақ, ҳаўа сапасы мониторинги ҳәм прогнозлаў системаларын жетилистириў, экологиялық мағлыўматлар алмасыўын жолға қойыў ҳәм трансшегаралық патасланыўға қарсы илажларды муўапықластырыўды нәзерде тутатуғын кең көлемли регионаллық бағдарламаны қәлиплестириў имканиятлары көрип шығылды.
Ушырасыўда Орайлық Азияда қоршаған орталықтың өзгериўлериниң регионаллық атласын жаратыў басламасы да айрықша итибар орайында болды. Өзбекстан 2025-жылы UNEP жәрдеминде иске қосылған Миллий қоршаған орталық атласын ислеп шығыў тәжирийбесин усынды. Усы тийкарда регионның барлық мәмлекетлериниң экологиялық мағлыўматларын бирлестиретуғын бирден-бир регионаллық атласты жаратыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң Монреаль протоколы шеңбериндеги қатнасыўы ҳәм регионның БМШ системасы және UNEPтеги институционаллық ўәкиллигин күшейтиў мәселелери де көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар турақлы раўажланыў, экологиялық турақлылық ҳәм климат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде UNEP пенен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенлигин тастыйықлады. Бул болса Орайлық Азия мәмлекетлериниң халықаралық экологиялық процесслердеги орны ҳәм абырайын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны айтылды.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА