Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Россияда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола, 4-5-июнь күнлери әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласында болады.
Мәмлекетимиз басшысы “Прагматикалық сөйлесиў – турақлы келешекке қарай жол” сүрени астында өтетуғын 29-Петербург халықаралық экономикалық форумының жалпы мәжилисинде қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.
Өзбекстан жетекшиси жәҳән экономикасындағы жағдай, Өзбекстан – Россия экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары бойынша пикирлери менен ортақласады, сондай-ақ, мәмлекетимизди раўажландырыўдың бүгинги тийкарғы бағдарларына тоқтап өтеди.
Сапар бағдарламасында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыў өткериў ҳәм елимизде биринши интеграцияласқан атом электр станциясының қурылысын баслаў мәресиминде қатнасыў нәзерде тутылған.
ӨзА