“Мақамды жаслар қәлбине сиңдирип барыўымыз керек” – Юлдуз Усмонова (+видео)

113

Көркем өнер, илим ҳәм мәнаўиятқа ықласлылық инсанды камалға жеткереди. Буны терең аңлаған ҳалда мәмлекетимиз басшысы усы тараўдың раўажланыўында нәтийжели мийнет етип, елге мақул болған көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлерин мүнәсип хошаметледи.

Соның ишинде, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларының хызметкерлеринен бир топарына мәмлекетлик сыйлықларды тапсырыў мәресиминде мәмлекетимиз басшысы мақам көркем өнериниң орны, оны раўажландырыўдың әҳмийетине тоқтап өтип, әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

– Кәсиплеслеримиз мүнәсип көрилген бүгинги сыйлықлар, халыққа, мәмлекетке, көркем өнерге, яғный устазларымыз қалдырған гөззал көркем өнеримиздиң раўажланыўына үлес болып қосылсын, – деди Өзбекстан Республикасы халық артисти Юлдуз Усмонова. – Президентимиз мақам көркем өнерин раўажландырыў жолында әҳмийетли ўазыйпаларды берди. Ҳақыйқатында да, той илажларында мақам нама-қосықларын көбирек үгит-нәсиятлап барсақ, жасларымыздың қәлбине, қулағына сиңип барады. Дәслеп жаслар еситкиси келмейди, бара-бара руўхый тәрепин аңлай баслайды. Илайым кәсиплеслеримиз алған сыйлықлар және де күшли дөретиўшиликке ийтермелесин. Негизинде халқымызға бизиң атақ емес, дөретиўшилигимиз керек. Сонлықтан халыққа хызмет етиў ушын гүресиўимиз, ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

ӨзА