Президентимиз полимер өнимлер кәрханасы менен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев “Шыршық” химия-индустриаллық технопаркинде жумыс алып барып атырған “Kmita Polymers” кәрханасына барды.
Россияның “Polymers” компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул жойбар арнаўлы ҳәм кең ассортименттеги полиэтилен плёнка өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен.
Бундай плёнкалар заманагөй экономиканың көзге көринбейтуғын, бирақ жүдә әҳмийетли буўынларынан бири. Бүгин азық-аўқат өнимлери, турмыслық техника, қурылыс материаллары, фармацевтика қураллары ҳәм ҳәр қыйлы санаат товарларының базарға қәўипсиз жеткерилиўи, сыртқы тәсирлерден қорғалыўы көп тәреплеме заманагөй қадақлаў технологияларына байланыслы.

6 мың 670 квадрат метр майданды ийелеген кәрханада Италияның заманагөй технологиялық үскенелери тийкарында кең ассортименттеги полимер ҳәм термоқысқарыўшы плёнка өнимлери ислеп шығарылмақта. Оның иске қосылыўы нәтийжесинде 9,5 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылыўы тәмийинленбекте.
Жойбар еки басқышлы кеңейтиў бағдарламасы тийкарында әмелге асырылмақта. Инвестициялардың улыўма баҳасы 15,2 миллион долларды қурайды. Оның биринши басқышында 7,4 миллион доллар инвестиция өзлестирилди.

Жойбар шеңберинде 50 жаңа жумыс орны жаратылды. Кейинги басқышларда жумыс орынларының саны және де көбейиўи күтилмекте.
2025-жылы бул жерде 115 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды. Соның менен бирге, 6 миллион долларлық өним Орайлық Азия мәмлекетлерине экспорт етилди.

Кәрхана ислеп шығарып атырған полимер өнимлер Coca-Cola, Pepsi, Flash, «Черноголовка», Ackerman, Asl Oyna, Biolife ҳәм Family Group сыяқлы ири брендлердиң қадақлаў системаларында жергиликли шийки зат сыпатында қолланылмақта.

Қадақлаў индустриясы заманагөй санааттың ең тез раўажланып атырған бағдарларынан бири екени атап өтилди. Себеби өним ислеп шығарыў көлеми артып барған сайын оны қәўипсиз сақлаў, тасыў ҳәм базарға жеткерип бериў талаплары да күшейип атырғаны атап өтилди.

Усы мәнисте, бундай кәрханалар санының көбейиўи тек ғана бир тармақтың раўажланыўына емес, ал азық-аўқат санааты, қурылыс, фармацевтика ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўлардың турақлы ислеўине де хызмет ететуғыны айтып өтилди.

ӨзА