Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» шөлкеминдеги балаларды байрам менен қутлықлады

132

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, баркамал инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанын айтып өтиў орынлы.

Аралбойы балалары саламатлығын тиклеў мақсетинде шөлкемлестирилген «Имкон» орайында балалардың оқып, билим алыўы ҳәм оларға сапалы медициналық хызмет көрсетилиўиниң жолға қойылғанлығы да мине, усы бағдардағы әмелий ислерден саналады. Бул мәсканда бүгинги күнде медициналық жәрдемге мүтәж балаларды реабилитациялаў жолында тәжирийбели қәнигелер менен педагог устазлар күни-түни аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги