Шайыр ҳәм жазыўшыларға жылына кеминде 50 ең сайланды шығарма ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў жолға қойылады

Президент Шавкат Мирзиёйевтиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтпекте.
Әдебият тараўы ўәкиллери ушын мүнәсип дөретиўшилик орталық, шараят жаратыў ҳәм хошаметлеў бойынша да жаңа имканиятлар усыныс етиледи.
Шайыр ҳәм жазыўшыларға жылына кеминде 50 ең алдыңғы шығарма ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў жолға қойылады. Ҳәр жылы өзбек әдебиятының ең жақсы 10 шығармасы шет тиллерге аўдармаланады ҳәм авторлардың қатнасыўында шет еллерде презентациялар өткериледи.
Буннан былай Жазыўшылар аўқамының усынысы тийкарында басып шығарылатуғын китаплардың қағаз бенен байланыслы қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қапланады.
Сондай-ақ, жас талант ийелериниң поэзия менен көркем өнерди уйғынластырған қосық концертлерин шөлкемлестириў басламалары қоллап-қуўатланды. Бул бағдарда усыныс етилетуғын ең алдыңғы 100 жойбар мәмлекет есабынан қаржыландырылыды.
Он күн алдын Миллий китапқумарлық ҳәрекетине старт берилди. Бул ҳәрекетке жасларды кеңнен тартыў ушын орынларда китап дүканлары, китапхана ҳәм «бук-кафе»лер және де көбейттириледи.
Ҳәр бир ўәлаят ҳәкимине жыл ақырына шекем шетки ҳәм алыс аймақлардағы 50 ден 100 ге шекемги мәҳәлледе үлгили мәҳәлле китапханасын ҳәм китап дүканларын шөлкемлестириў тапсырылды.
ӨзА