Дөретиўшилер ушын үлкен жеңилликлер: Турақ жай, ижара пулы ҳәм бийпул медициналық хызметлер енгизилди

133

Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтпекте.

Енди ҳәр жылы 1 мың шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, музей хызметкерлери ҳәм сүўретшилерге жай алыў ушын ипотека кредитиниң дәслепки төлеминиң 50 проценти қаплап бериледи.

Дөретиўшилик шөлкемлер, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине басқа аймақтан келип ислеп атырған тараў ўәкиллери де көп. Бүгиннен баслап оларға турақ жай ижарасы ушын Ташкент қаласында айына 2,5 миллион сумға шекем, ўәлаятларда 1 миллион 600 мың сумға шекемги қәрежетлерин қаплап бериў жолға қойылады.

Ҳәр жылы жумысында жақсы нәтийжеге ерискен 1 мың тараў хызметкери мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан бийпул емленеди. Және  2 мың дөретиўшиге мәмлекет тәрепинен медициналық қамсызландырыў пакети усыныс етиледи. Кеминде 10 жыл ислеген хызметкерлерге санаторияларға бийпул жоллама бериледи.

15-июньнан баслап халық артисти, халық шайыры, халық жазыўшысы сыяқлы жоқары ҳүрметли атақларға ийе дөретиўшилердиң аэропорт ҳәм вокзаллардағы ВИП заллардан бийпул пайдаланыўы тәмийинленеди.

ӨзА