Авторлық ҳуқық толық қорғалмаса, дөретиўшилик өниминен нызамсыз пайдаланыў ҳәм тарқатыў жағдайлары тоқтамайды – Президент

Әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жаратылған ҳәр бир өним – дөретиўшиниң интеллектуаллық мүлки.
Бирақ оны қорғаў бағдарындағы жумыслардың аҳўалынан дөретиўшилер пүткиллей наразы екени көрсетип өтилди.
– Ҳәр бир көркем шығарма, музыка, қосық авторға дәрамат келтириўи керек. Бирақ авторлық ҳуқық толық қорғалмаса, дөретиўшилик өниминен нызамсыз пайдаланыў ҳәм тарқатыў жағдайлары тоқтамайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Санлы технология ҳәм жасалма интеллект жүдә тез раўажланбақта. Ҳәр бир шығарманың санлы белгисин жаратып, бул арқалы дөретиўшилердиң ҳуқықын кепилликли қорғаў мүмкинлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге бул мәселеге анық шешим табыў ҳәм дөретиўшилер разы болатуғын система жаратыў тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтың мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.
ӨзА