“Музыка ҳәм көркем өнер”, “Эстрада ҳәм цирк” техникумларына жоқары мектеп статусы бериледи

111

Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

– Мениң нийетим – ҳәр бир шаңараққа музыка әсбабы кирип барсын, ҳәр бир ул-қызымыз музыка шертиўди үйренсин. Себеби көркем өнерди, музыканы сүйген баланың қәлби таза, ой-пикири кең болады, – деди Президентимиз.

Жуўапкерлерге ҳәр бир улыўма билим бериў мектебинде музыка ҳәм көркем өнер бағдарында кеминде төртеўден дөгерек шөлкемлестириў тапсырылды. Миллий саз-әсбап сатып алған дөгереклердиң 30 процент қәрежети қаплап бериледи.

– Биз дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳаққында айтқанда, имканияты шекленген жасларымызды да умытпаўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буның ушын жаңа оқыў жылынан аймақларда “Инклюзив дөретиўшилик устаханалар” шөлкемлестириледи. Инклюзив дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, оларға сабақлықлар, дөретиўшилик ушын зәрүр қураллар сатып алыў ушын ҳәр жылы 30 миллиард сумнан ажыратып барылады.

Мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары ушын кадрлар таярлаў өзине тән дөретиўшилик өзгешеликлерине тийкарланып шөлкемлестирилиўи керек. Сонлықтан, жаңа оқыў жылынан қәнигелескен мектеплерге оқыўшылар музыка бағдарында 5-класстан, аяқ ойын, театр, көркем өнер бойынша 9-класстан қабыл етиледи.

Кәсиплик билимлендириў агентлиги қарамағындағы “Музыка ҳәм көркем өнер”,  “Эстрада ҳәм цирк” техникумлары Мәденият министрлиги системасына өткерилип, оларға жоқары мектеп статусы бериледи.

ӨзА