“Дөретиўшиликке инвестиция” қоры шөлкемлестириледи ҳәм жылына 200 миллиард сум бериледи

110

Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтпекте.

Жас талант ийелерин, олардың устазларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1-сентябрьден баслап республикалық таңлаў жеңимпазларына 100 миллион сум, абырайлы халықаралық таңлаў жеңимпазларына болса 300 миллион сумға шекемги сыйлық бериледи ҳәм қатнасыў қәрежетлери толық қапланады. Олардың устаз ҳәм тренерлериниң айлық мийнет ҳақысына 100 процентке шекем үстеме төленеди.

Бундай жеңилликлер жеке меншик дөретиўшилик топарларға да енгизиледи.

Ҳәр жылы 100 жастың мәмлекет есабынан сырт ел мәденият ҳәм көркем өнер дәргайларында билим алыўы жолға қойылады.

Елимиздеги жас талантлыларды анықлап, жүзеге шығаратуғын, продюсерлерди қоллап-қуўатлайтуғын бизнес жойбарларды көбейтиў мақсетинде “Дөретиўшиликке инвестиция” қоры шөлкемлестириледи ҳәм жылына 200 миллиард сум бериледи.

ӨзА