Жеңимпазларға жыл даўамында ҳәр айда 5 миллион сумнан гонорар бериледи

118

Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтпекте.

Ҳәр жылы “Миллий дөретиўшилер қурылтайы” өткериледи. Бул 21 дөретиўшилик бирлеспениң өзине тән жыллық есабаты болады.

Қурылтайда бирлеспелердиң жыл даўамында ең жақсы нәтийже көрсеткен дөретиўшилериниң көркем кешеси шөлкемлестириледи ҳәм олар мүнәсип сыйлықланады.

Мысал ушын, музыка тараўында кеминде 10 қосық ямаса музыка дөреткен, халық артисти, хызмет көрсеткен артист атағын алған ямаса халықаралық таңлаўлар жеңимпазлары болған, шығармалары мәмлекетлик ҳәм халықаралық сахналарда атқарылып атырған қосықшы, сазенде ҳәм композиторлар; әдебият тараўында жоқары дәрежеде тән алынған көркем китап авторы болған, дөреткен шығармасы 50 мың нусқадан аслам басып шығарылған, дөретиўшилик өними театр ҳәм кинода сахналастырылған, қосықлары “хит” қосыққа айланған шайыр, жазыўшы ҳәм драматурглар сыйлықланады.

Оларға жыл даўамында ҳәр айда 5 миллион сумнан қәлем ҳақы бериледи, Өзбекстан бойлап самолёт, поезд ҳәм жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланады. Қәнигелестирилген медицина орайларында емлениў қәрежети толық бюджеттен қапланады. Олардың шеберлик мектеби ҳәм дөретиўшилик үйлери шөлкемлестириледи.

Президентимиз сыйлы орын ийелери келеси жылы да дөретиўшилигин тоқтатпастан жаңа нәтийжелерге ериссе, жоқарыдағы жеңилликлерди алыўда даўам етиўи ҳаққындағы усынысты қоллап-қуўатлады.

ӨзА