Көмир санаатын раўажландырыў ҳәм базар механизмлерин енгизиў бойынша режелер көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев көмир санаатында базар механизмлерин енгизиў, өндирис көлемлерин арттырыў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша презентация менен танысты.
Көмир экономика тармақлары, ыссылық электр станциялары, социаллық мәкемелер ҳәм халықтың талабын тәмийинлеўде әҳмийетли энергия дереклеринен бири болып есапланады. Сонлықтан, тараўда турақлы тәмийнат, өнимниң сапасы, баҳалардың ашық-айдынлығы, бәсеки орталығы ҳәм экологиялық талапларды тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Ғәрезсизликтиң дәслепки 25 жылында көмир қазып шығарыў орташа 3,1 миллион тоннадан 4 миллион тоннаға шекем артқан болса, соңғы 9 жылда бул көрсеткиш 10 миллион тоннаға жеткерилди. Келеси гүзги-қысқы мәўсимде көмир қазып шығарыў көлемин 11 миллион тоннаға жеткериў режелестирилген.
Бүгинги күнде көмир қазып шығаратуғын жеке меншик исбилерменлердиң саны 18 ге жетти. 2023-2025-жылларда олар тәрепинен геологиялық-излеў жумыслары кеңейтилип, 2,4 миллион тонна көмир қазып шығарылды. Бул процесслерге 117,2 миллион доллар жеке меншик инвестициялар қаратылды. Ангрен ҳәм Шарғун көмирлерин араластырыў есабынан ыссылық электр станцияларына 1,5 миллион тонна импорттың орнын басатуғын, жаныў қәбилети жоқары болған жергиликли көмир жеткерип берилди.

Презентацияда көмир баҳасын қәлиплестириўди базар принциплерине өткериў мәселеси көрип шығылды.
Әмелдеги тәртипте баҳаларды ҳәкимшилик белгилеў ислеп шығарыўшылардың финанслық турақлылығына, жаңа инвестиция киргизиў ҳәм қазып шығарыў көлемин арттырыў имканиятларына тәсир етип атырғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен 2026-жыл 1-июньнен баслап көмирге баҳаларды мәмлекет тәрепинен белгилеў әмелиятын бийкарлаў ҳәм көмирди мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын социаллық әҳмийетли товарлардың стратегиялық түрлери дизиминен шығарыў усыныс етилди. Бунда көмир баҳасы талап ҳәм усыныс тийкарында қәлиплеседи, тутыныўшыларға биржа саўдалары арқалы сатылады.
Бул қатнас тараўда ашық бәсеки орталығын жаратыў, барлық қатнасыўшылар ушын тең шараят тәмийинлеў, ислеп шығарыўшыларды қосымша көлем ҳәм сапа ушын хошаметлеўге хызмет етеди. Ыссылық электр станциялары ҳәм ири тутыныўшылар көмирди “усыныс сораўы” тәртиби тийкарында, есап бериў дәўириндеги орташа биржа баҳаларында сатып алыўы мүмкин болады.

Халық ҳәм бюджет мәкемелерин көмир менен турақлы тәмийинлеў ушын айрықша механизм енгизиледи. Көмир қазып алыўшылар өнимди биржа саўдаларында өз алдына саўда майданшасы арқалы жеткерип бериўши исбилерменлерге сатады. Исбилерменлер қоймаханасы, техникалары ҳәм салық рейтинги сыяқлы критериялар тийкарында электрон система арқалы таңланады.
Республика бойынша халық ҳәм бюджет шөлкемлерине жеткерип берилетуғын көмир баҳалары арасындағы айырмашылықты сапластырыў мақсетинде темир жолда тасыў бирден-бир тариф тийкарында әмелге асырылады. “Көмир тәмийнат” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы сапластырылып, аймақлардағы 96 көмир қоймаханасы ҳәм техникалар аукцион саўдалары арқалы сатылады.
Социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Mycoal.uz порталы арқалы көмир сатып алған Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға усы жылдың июнь-декабрь айларында 600 мың сумға шекем бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады. Бул илаж базар механизмлерине өтиў шараятында жәрдемге мүтәж шаңарақларды мәнзилли қорғаўға қаратылған.
Импорт көмир сапасы ҳәм экологиялық қәўипсизлиги бойынша да жаңа талаплар белгиленеди. Республика аймағына алып кирилетуғын көмирдиң күкирт муғдары, калориялылығы ҳәм басқа да көрсеткишлерине талаплар ислеп шығылады. Белгиленген экологиялық ҳәм сапа талапларына жуўап бермейтуғын импорт көмирди республика аймағында пайдаланыў ҳәм оны сатыў қадаған етиледи. Келешекте көмир импорты тек ғана темир жол арқалы әмелге асырылады.
Презентацияда Нишбош көмир кәнин өзлестириў инвестициялық жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди. Бул жойбардың улыўма резерви 233 миллион тонна, жыллық қазып шығарыў қуўатлылығы 10 миллион тоннаны қурайды. Баҳасы 494 миллион доллар болған жойбар шеңберинде 880 жаңа жумыс орны жаратылады.
Сондай-ақ, усы кән тийкарында улыўма қуўатлылығы 1,4 гигаватт болған жаңа ыссылық электр станциясын қурыў усыныс етилди. Жойбарға бола, 1,3 миллиард доллар инвестиция тартылып, ҳәр бири 350 мегаватт қуўатлылыққа ийе 4 энергоблок ультра жоқары критикалық технологиялар тийкарында қурылады.
Қурылыс дәўиринде 1500, жойбар толық иске қосылғаннан соң, 310 жаңа жумыс орны жаратылады. Станция жылына орташа 9,8 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыўы, 2 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў имканиятын бериўи күтилмекте.
Сондай-ақ, презентацияда таў-кән санаатында локализациялаў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Сырт ел инвестициялық жойбарларында жергиликли өнимлердиң үлесин арттырыў, ири комбинатлар ҳәм тармақ кәрханаларының талапларын бирлестириў, узақ мүддетли шәртнамалар тийкарында жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Таллаўларға бола, таў-кән санаатында импорттың орнын басыў потенциалын 2,1 миллиард долларға шекем жеткериў имканияты бар. Бул, бәринен бурын, техника, аўысық бөлеклер, химиялық реагентлер ҳәм ири агрегатлар ислеп шығарыўды локализациялаў есабынан тәмийинленеди.
Усы мүнәсибет пенен 2027-2030-жылларға мөлшерленген таў-кән санаатында локализациялаў стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА