Киши бизнестиң өсиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша усыныслар көрип шығылды

64

Президент Шавкат Мирзиёев киши бизнес субъектлериниң өсиўи ушын және де қолайлы экономикалық ҳәм ҳәкимшилик шараятлар жаратыўға қаратылған усыныслар презентациясы менен танысты.

Киши бизнес экономикада бәнтлик, дәрамат ҳәм бәсеки орталығын тәмийинлейтуғын әҳмийетли тармақ болып есапланады. Сонлықтан, соңғы жыллары исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, салық жүгин азайтыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, әмелдеги айырым тәртип-қағыйдалар бизнестиң тәбийғый өсиўине тосқынлық етпекте. Атап айтқанда, киши бизнес субъектлери түсим 1 миллиард сумға шекем болғанда әпиўайыластырылған салық режиминде ислейди. Бул шегарадан артқанда болса қосымша қун салығын ҳәм пайда салығын төлеўге өтеди.

Бул шегара 2019-жылы белгиленген болып, өткен дәўирде баҳалар сезилерли дәрежеде артты. Нәтийжеде айырым исбилерменлер 1 миллиард сумлық шегараға жақынлағанда айланысты жасырыў, чек бермеў ямаса бизнести бир неше субъектке бөлиў әмелиятына өтпекте.

Презентацияда 2026-жыл 1-июньнен киши бизнес ушын улыўма салық режимине өтиўдеги шекленген муғдарды 1 миллиард сумнан 5 миллиард сумға арттырыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын қосымша қун салығын төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў басламасы билдирилди. Оған бола, исбилерменлер ықтыярлы түрде 6 процент ставкада ҚҚС төлеп, пайда салығынан азат етилиўи ямаса әмелдеги улыўма тәртипте жумыс ислеўди даўам еттириўи мүмкин болады.

Бул арқалы киши бизнес ушын салық есаплаў ҳәм төлеў процеси әпиўайыласады, ҳәкимшилик жүк азаяды, айланысларды жасырыў ҳәм бизнести жасалма бөлиўге хошамет төменлейди.

ҚҚС ҳәкимшилигиндеги қыйыншылықлар да талланды. ҚҚСға өткен исбилерменлерде есабатлар саны 2 есеге артпақта. 2025-жылы есабатларда қәте анықланған салық төлеўшилердиң 77 проценти ҚҚС төлеўшилериниң үлесине туўра келген.

Сол себепли, төмен қәўип дәрежесине ийе исбилерменлер ушын ҚҚС тың унамсыз парқын автоматикалық қайтарыў, ҚҚС төлеўшиси гүўалығын ўақтынша тоқтатып турыў тәртибин бийкарлаў, импорт бойынша мәжбүрий ҚҚСға өтиў әмелиятын қайта көрип шығыў ҳәм банк есап бетлерин ашыў процесин автоматластырыў усыныс етилди.

Киши бизнес субъектлерине ҳәкимшилик басымды азайтыў мақсетинде исбилерменге қәтелерди өз бетинше дүзетиў имканиятын бериў және салық қәўпи 500 миллион сумға шекем болған жағдайларда салық аудитин, 100 миллион сумға шекем болса көшпели салық тексериўин өткермеў тәртибин енгизиў усыныс етилди.

Улыўма аўқатланыў ҳәм мийманхана хызметлери тараўында да бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылған. Соның ишинде, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин нақ түрде реализациялаўға руқсат бериў, ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыўда нақ пулсыз түсим үлесине байланыслы талапты бийкарлаў, айырым хызметкерлерди әпиўайыластырылған түрде рәсмийлестириў усыныс етилди.

Улыўма аўқатланыў ҳәм мийманхана хызметлери тараўында да бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылған. Соның ишинде, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин нақ түрде реализациялаўға руқсат бериў, ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыўда нақ пулсыз түсим үлесине байланыслы талапты бийкарлаў, айырым хызметкерлерди әпиўайыластырылған түрде рәсмийлестириў усыныс етилди.

Бул илажлар 600 мыңнан аслам киши бизнес субъекти ушын нызамлы өсиў имканиятын арттырыўы күтилмекте. Салық базасының ашық-айдын болыўы есабынан бюджетке жылына кеминде 2 триллион сум қосымша түсим түсиўи прогноз етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, киши бизнеске қолайлы ҳәм әдил шараят жаратыў, салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў және санластырыў арқалы исбилерменлердиң жумысын кеңейтиўге хошаметлеў ҳәм исенимин беккемлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА