Транспорт тараўындағы ири инвестициялық жойбарларының барысы көрип шығылды

62

Президент Шавкат Мирзиёев транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша презентация менен танысты.

Транспорт инфраструктурасы экономика тармақларын өз-ара байланыстырыўда, аймақлардың потенциалын толық иске қосыўда, халық ҳәм бизнес ушын қолайлық жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, мәмлекетимизде автомобиль жоллары, авиация, логистика ҳәм халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Презентацияда, дәслеп, “Ташкент – Самарқанд” альтернатив автомобиль жолын қурыў жойбары көрип шығылды. Бул жолдың узынлығы 282 километр болып, Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларын байланыстырады. Жол I-а категорияда, цемент-бетон қапламалы, ҳәр еки жөнелисте үшеўден ҳәрекетлениў полосасы менен қурылады. Жойбарланған тезлик саатына 150 километрди қурайды.

Жойбар шеңберинде 12 транспорт шешими, 60 туннелли өтиў орны, 91 көпир, 16 жол өткел, 258 дренаж қурылмасы ҳәм интеллектуаллық транспорт системасын енгизиў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, 12 терминал, жол бойы инфраструктурасы ҳәм салмақ өлшеў системасы шөлкемлестириледи.

Потенциаллы инвесторлар менен сөйлесиўлер процесин жеделлестириў ҳәм қурылыс жумысларын қысқа мүддетлерде баслаў тапсырылды.

Елимизде авиация тараўында жаңа экосистеманы қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, аймақлардағы 7 халықаралық аэропорт заман талаплары тийкарында реконструкцияланбақта. Мойнақ, Қоқанд, Зомин, Шаҳрисабз, Сариосиё, Сүх районларында жаңа аэропортлар қурылып, олардың саны 18 ге жеткерилди.

Атап айтқанда, Наўайы халықаралық аэропортының жумысын жойбарлаў басқарыў принциплери тийкарында шөлкемлестириў, оның коммерциялық еркинлигин арттырыў жумыслары алып барылмақта. Оған жергиликли ҳәм сырт ел авиакомпаниялары менен жолаўшы ҳәм жүк тасыў, транзит және техникалық қоныўлар бойынша еркин сөйлесиўлер алып барыў ҳәм шәртнамалар дүзиў ҳуқықы берилген.

2030-жылға барып, аэропортта пәрўазлар санын 2,3 есеге арттырып, жылына 7 мыңға, жолаўшы тасыў көлемин 150 мыңға, жүк тасыўды болса 45 мың тоннаға жеткериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, аэропорт аймағында ҳаўа кемелерине техникалық ҳәм коммерциялық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен “порто-франко” еркин зонасы шөлкемлестириледи.

Презентацияда Жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў жойбары көрип шығылды.

Аэропорт жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Жолаўшы терминалының майданы 208,4 мың квадрат метрди қурап, 169 ҳаўа кемеси туратуғын орын, ҳәр бири 4 километрден болған 2 ушыў-қоныў жолы қурылады.

Ҳәзирге шекем халықаралық финанс институтларының талаплары тийкарында экологиялық ҳәм социаллық тәсирди баҳалаў жумыслары өткерилди. Жойбар аймағында канал, коллектор ҳәм электр тармақларын көшириў жумыслары басланған. Ҳәзирги ўақытта жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Пуқаралық авиация кәрханаларын авиажанылғы менен тәмийинлеў мәселеси де көрип шығылды.

Аэропортлардағы жанылғы қуйыў комплекслериниң улыўма сыйымлылығы 49 мың тоннаны қурайды. 2030-жылға шекем жергиликли авиажанылғы ислеп шығарыў көлемин жылына 600 мың тоннаға, авиажанылғы сақлаў қуўатлықларын болса 80 мың тоннаға жеткериў режелестирилген. Усы мақсетте Наўайы, Әндижан, Бухара, Үргенш ҳәм Жаңа Ташкент халықаралық аэропортларында жаңа сақлаў қуўатлықлары қурылады.

Жанылғыны сақлаў ҳәм қуйыў процесслерин халықаралық стандартларға басқышпа-басқыш өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жанылғы қуйыў комплекслерин басқарыў процесслери усы жылы толық санластырылатуғыны, аэропортлардың жанылғы қуйыў комплекслериниң жумысында технологиялық процесслер талапларына әмел етилиўи үстинен системалы мәмлекетлик қадағалаў орнатылатуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы транспорт инфраструктурасын раўажландырыўда жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги, қурылыс сапасы, қәўипсизлик талаплары ҳәм халық ушын қолайлылық тийкарғы өлшем болыўы зәрүрлигин атап өтти ҳәм тийисли көрсетпелер берди.

ӨзА