Жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов Қытай Халық Республикасының “Shanxi Xinhuo Industrial group co., ltd” компаниясы ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыў, перспективалы кәнлерди анықлаў ҳәм өзлестириў, сондай-ақ, пайдалы қазылмаларды қазып алыў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.



Өткерилген ушырасыў жуўмағында тәреплер арасында геология-излеў ҳәм қазып алыў бағдарларында бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған меморандумға қол қойылды. Бул ҳүжжет аймақтың минерал-шийки зат базасын кеңейтиў, заманагөй технологияларды тартыў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Тәреплер меморандум шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ҳәм тараўдың экспорт потенциалын арттырыў бағдарында тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги