Төрткүл районында жаңа медицина орайы пайдаланыўға тапсырылды

Елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатары медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Мине усындай әмелий жумыслар қатарында бүгин Төрткүл районында «Дүнья медстрой» кәрханасына тийисли көп тармақлы медицина орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Атап өтиў орынлы, улыўма 5 миллион доллар қаржы есабынан заманагөй көринисте қурып питкерилген көп тармақлы медицина орайының пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде аймақ халқы ушын медициналық хызмет көрсетиў имканияты және де кеңейди.
Бул клиникада бир ўақыттың ѳзинде 120 наўқасқа 20 ға жақын хызметлерди кѳрсетиў жолға қойылған болып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Ең әҳмийетлиси, енди наўқаслар усы аймақтың өзинде сапалы емлениў имканиятына ийе болмақта.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы орайда жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги