«Жаслар ҳаўазы» фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти

150

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң жасларын Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў сондай-ақ, дөретиўши жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетшиликке кеңнен таныстырыў мақсетинде «Бозатаў фест» жаслар фестивалы шөлкемлестирилген еди.

Қысқа ўақыт ишинде «Бозатаў фест» Жаслар ҳаўазы Республикалық фестивалы пүткил Өзбекстан бойынша жаслардың талантларын жүзеге шығарыўда әҳмийетли болған илажлардың бирине айланып үлгерди.

Кеше Бозатаў районында фестивальдың ашылыў салтанаты болып өтти.

Илаждың ашылыў мәресимине аймақ халқы менен бирге, елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар, яғный, өз аймақларында жеңимпаз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң неше мыңлаған жасларын өзинде жәмлеген фестивальдың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет яр болыўын тиледи.

Соны да айрықша айтыў керек, Бозатаў бүгинги күни жаңа талантларды жүзеге шығаратуғын ҳәм жасларды бирлестиретуғын дослық орайына айланып бармақта.

Быйылғы өткерилип атырған таңлаўға мәмлекетимиз бойынша жәми 370 мыңға шамалас жаслар қатнасқан болса, соннан 160 тан аслам жаслар Бозатаў районында болып өтетуғын финаллық басқышына жетип келди. Әлбетте, басланып атырған фестиваль жаслардың өз талантларын көрсетиўинде, олар арасында дослық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти еле де беккемлеўде әҳмийетли майдан болады.

Ашылыў салтанаты концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги