Өзбекстан Президенти ЕАЭА саммитинде қатнасты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-май күни Астана қаласында Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында қатнасты.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында болып өткен ушырасыўда Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Армения Республикасы Бас министриниң орынбасары Мгер Григорян, бақлаўшы статусындағы Куба Республикасы вице-президенти Сальвадор Меса ҳәм Иран Ислам Республикасы санаат, кәнлер ҳәм саўда министри Муҳаммад Атабак, Евразия экономикалық комиссиясы Коллегиясының баслығы Бакитжан Сағинтаев ҳәм мийман сыпатында ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев те қатнасты.

Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, шерикликтиң тийкарғы бағдарларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.

Өзбекстан Президенти сөзиниң басында ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәмлекетимиз сыртқы экономикалық сиясатының ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалып атырғанын атап өтти.

ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара бирге ислесиў комплексли экономикалық шериклик түсине енгени атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы өсип бармақта, санаат кооперациясы кеңейип, логистика байланыслары беккемленбекте, санлы экономика, энергетика ҳәм хызметлер тараўында бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары қәлиплеспекте.

Усы жылы Евразия экономикалық комиссиясы менен үш жыллық Бирге ислесиў режесин әмелге асырыў жуўмақланып атырғаны билдирилди. Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылдың гүзинде Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген Евразия экономикалық комиссиясы менен Биргеликтеги жумысшы топардың гезектеги мәжилиси шеңберинде жаңа режени қабыл етиў усыныс етилди.

Жақында техникалық жақтан тәртипке салыў системаларын жақынластырыў бойынша “жол картасы” тастыйықланды.

Өзбекстан аўқамның электрон коммерцияны раўажландырыў, саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, климат мәселелери ҳәм басқа да бағдарлардағы басламаларында белсене қатнаспақта.

Ташкент қаласында Евразия раўажланыў банкиниң мәмлекетлик офисиниң жумысы жолға қойылып, банк пенен биргеликте санаат кооперациясы бойынша жаңа жойбарлар портфели қәлиплестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы аўқам менен шерикликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша өз көзқарасын билдирди.
Өзбекстан ҳәм бирлеспе мәмлекетлери арасында тосқынлықларсыз саўданың бирден-бир санлы мәканын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.

Онда электрон коммерцияны тәртипке салыў бағдарындағы көзқарасларды муўапықластырыў, бажыхана, фитосанитария ҳәм ветеринария қадағалаўы тараўларында санлы мағлыўмат алмасыўын жолға қойыў, товарлардың келип шығыўын сертификатлаў ҳәм электрон ҳүжжетлерди басқышпа-басқыш өз-ара тән алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, санлы транзитти енгизиў, бақлаў системаларына жалғаныў ҳәм өткериў пунктлерин модернизациялаў арқалы “ақыллы” транспорт-бажыхана коридорларын жаратыў жумысларына кирисиў усынысы билдирилди.
Исбилермен топарлардың өндиристи локализациялаў, технологиялық шериклик ҳәм жаңа өндирис шынжырларын қәлиплестириўге қызығыўшылығы артып атырғанын усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилген “ИННОПРОМ. Орайлық Азия” VI халықаралық санаат көргизбеси тастыйықлады.
Өзбекстан ҳәм ЕАЭА мәмлекетлери арасында санаат кооперациясы бағдарламасын таярлаўда бул көргизбениң потенциалынан пайдаланыў усыныс етилди. Санаатты автоматластырыў ҳәм робототехника, энергетика ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў, суўды үнемлейтуғын технологиялар, заманагөй қурылыс материаллары ҳәм басқа да тараўлар перспективалы бағдарлар қатарында атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан кооперация бойынша “бир айна” форматында Евразия экономикалық комиссиясы менен биргеликте шериклерди таңлайтуғын, еркин санаат зоналары тийкарында басламаларды қоллап-қуўатлайтуғын, қаржыландырыўды тартыўға жәрдемлесетуғын биргеликтеги жойбарлаў офисин ашыўға таяр екенин билдирди.
– ЕАЭА мәмлекетлеринен келетуғын жоқары технологиялы резидентлер ушын қосымша хошаметлеўши шараятларды ислеп шығыўға таярмыз, – деди Өзбекстан Президенти.
Энергия нәтийжелилигин арттырыў, таза технологияларды енгизиў ҳәм өнимлердиң углерод сыйымлылығын азайтыўға қаратылған Санаатты “жасыл” трансформациялаў қоспа бағдарламасын қабыл етиў бойынша усыныс та алға қойылды.
Биргеликтеги “жасыл” жойбарлар портфелин қәлиплестириў, қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин раўажландырыў, жасалма интеллект технологияларын қолланыў арқалы санааттың тийкарғы тармақларын модернизациялаў әмелий илажлар сыпатында бағдарламадан орын алыўы мүмкин.
– Бул енди мәмлекетлеримиз ушын тек ғана экологиялық күн тәртибиндеги мәселе емес, ал санааттың узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторға айланбақта, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Шөлкемлестирилген мийнет миграциясы мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул тараўдағы бирге ислесиўди миллий электрон бәнтлик хызметлерин интеграциялаў арқалы сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул пуқаралардың исенимли бос жумыс орынлары, жумысқа жайласыў шәртлери ҳәм миграция нызамшылығы нормалары ҳаққындағы мағлыўматлардан тиккелей пайдаланыўын тәмийинлейтуғын қолайлы ҳәм бир пүтин санлы орталықты қәлиплестириўди нәзерде тутады.
– Бул бир ўақыттың өзинде мәмлекетлеримиз мийнет базарларының талапларын есапқа алыў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў ҳәм рәсмий емес бәнтлик қәўиплерин азайтыў имканиятын береди, – деди Президентимиз.
Туризм тараўында Өзбекстан тәрепинен “Орайлық Азия туризм шеңбери” басламасы алға қойылғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы ЕАЭА мәмлекетлерин бул туризм бағдарын ғалабалық санлы платформаларда биргеликте алға илгерилетиўге қосылыўға мирәт етти.
Жуўмағында Президентимиз Өзбекстанның ЕАЭА көп тәреплеме бағдарламалары ҳәм жойбарларындағы қатнасыўы өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да беккемлеў және мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.