Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жоқары Евразия экономикалық кеңеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич!
Ҳүрметли мәмлекетлер ҳәм делегациялар басшылары!
Бәринен бурын, Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа дәстүрий жыллы жүзлилик пенен қабыллағаны ҳәм миймандос Астанада ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Жәҳән экономикасында кең көлемли технологиялық трансформация процеси жүз берип атырған бир дәўирде Қазақстанның Евразия экономикалық аўқамындағы нәтийжели басшылығын айрықша атап өтпекшимен.
Саммитимиз қарсаңында жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў мәселелерине арналған бесинши Евразия экономикалық форумының ашылыўы символикалық мәниге ийе. Бүгинги күнде әйне санлы технологиялар, заманагөй логистика шешимлери ҳәм санаат кооперациясы көп жақтан мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығын, базарлардың турақлылығын ҳәм миллий экономикалардың сыртқы қәўиплерге мүнәсип жуўап қайтара алыў қәбилетин белгилемекте.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Өзбекстан ушын ЕАЭА мәмлекетлери менен әмелий шерикликти кеңейтиў сыртқы экономикалық сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалмақта.
Бүгинги күнде бизиң ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара бирге ислесиўимиз комплексли экономикалық шериклик түске енди. Өз-ара саўда көлеми артпақта, санаат кооперациясы тереңлеспекте, логистикалық байланыслар беккемленбекте, санлы экономика, энергетика ҳәм хызметлер тараўында жаңа бағдарлар қәлиплеспекте.
Өзбекстан Аўқамның барлық тийкарғы илажларында белсене қатнаспақта. Быйыл Евразия экономикалық комиссиясы менен үш жыллық Шериклик режесин әмелге асырыўды жуўмақламақтамыз. Өзбекстан ҳүкимети Бирлескен жумысшы топарының нәўбеттеги мәжилисин усы жылдың гүзинде Ташкент қаласында өткериўге таярлық көрмекте. Оның шеңберинде кейинги дәўирге мөлшерленген жаңа Шериклик режесин қабыл етиўди усыныс етемиз.
Жақында техникалық тәрептен тәртипке салыў системаларын жақынластырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды. Саўда ҳәм жүк тасыўларды санластырыў, электрон коммерцияны раўажландырыў ҳәм климат бойынша күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тармақ бағдарламаларында қатнасыўымызды даўам еттирмектемиз.
Ташкент қаласында Евразия раўажланыў банкиниң мәмлекетлик офисин аштық, биргеликте анық жойбарлар портфели қәлиплестирилди.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
ЕАЭА менен шериклигимизди раўажландырыўдың баслы бағдарларын қысқаша көрсетип өтпекшимен.
Биринши. Өзбекстан ҳәм ЕАЭА мәмлекетлери арасында тосқынлықларсыз саўданың бирден-бир санлы кеңислигин қәлиплестириўге кирисиўди әҳмийетли деп есаплаймыз.
Бул жерде гәп электрон коммерцияны раўажландырыў ҳәм оны тәртипке салыў бойынша көзқарасларды муўапықластырыў, бажыхана, фитосанитария ҳәм ветеринария қадағалаўы тараўларында санлы мағлыўмат алмасыўын жолға қойыў, товарлардың келип шығыўын сертификатлаў, соның менен бирге, электрон ҳүжжетлерди басқышпа-басқыш өз-ара тән алыў ҳаққында бармайқта.
Сондай-ақ, санлы транзитти енгизиў, бақлаў системаларына жалғаныў ҳәм өткериў пунктлерин модернизациялаў арқалы «ақыллы» транспорт-бажыхана коридорларын жаратыў жумысларына кирисиў мақсетке муўапық.
Екинши. Санаат кооперациясының раўажланыўына жаңа пәт бериў әҳмийетли.
Биз бизнестиң өндиристи локализациялаўға, технологиялық шерикликке ҳәм жаңа өндирис шынжырларын қәлиплестириўге қызығыўшылығы артып атырғанын көрмектемиз. Буны усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында табыслы өткерилген алтыншы «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» көргезбеси де тастыйықлайды.
Мәмлекетлеримиз арасында санаат кооперациясы бағдарламасын таярлаўда бул көргезбениң потенциалынан пайдаланыўды усыныс етемиз. Санаат автоматизациясы ҳәм робототехника, энергетика ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў, суўды үнемлеўши технологиялар, заманагөй қурылыс материаллары ҳәм басқа тараўларды перспективалы бағдарлар қатарында атап өтиў мүмкин.
Өзбекстанда кооперация бойынша «бир айна» форматында Евразия экономикалық комиссиясы менен биргеликте шериклерди таңлайтуғын, еркин санаат зоналарымыз негизинде басламаларды қоллап-қуўатлайтуғын, қаржыландырыўды тартыўға көмеклесетуғын бирлескен жойбар офисин шөлкемлестириўге таярмыз.
ЕАЭА мәмлекетлеринен келетуғын жоқары технологиялы резидентлер ушын қосымша хошаметлеўши шараятларды ислеп шығыўға таярмыз.
Үшинши. Энергия нәтийжелилигин арттырыў, таза технологияларды енгизиў ҳәм өнимлердиң углерод сыйымлылығын азайтыўға қаратылған Санаатты «жасыл» трансформациялаў қоспа бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етемиз.
Бул енди мәмлекетлеримиз ушын тек ғана экологиялық күн тәртибиндеги мәселе емес, ал санааттың узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторға айланбақта.
Қоспа «жасыл» жойбарлар портфелин қәлиплестириў, оларды қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин раўажландырыў, жасалма интеллект технологияларын қолланыў арқалы санааттың әҳмийетли тармақларын модернизациялаў әмелий илажлар сыпатында бағдарламадан орын алыўы мүмкин.
Төртинши. Бәнтлик бойынша миллий электрон хызметлерди өз-ара байланыстырыў арқалы шөлкемлестирилген мийнет миграциясы тараўындағы шерикликти сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўды әҳмийетли деп есаплаймыз.
Бул жерде гәп пуқаралардың исенимли бос жумыс орынлары, жумысқа жайласыў шәртлери ҳәм миграция нызамшылығы нормалары ҳаққындағы мағлыўматлардан тиккелей пайдаланыўын тәмийинлейтуғын қолайлы ҳәм пүтин санлы орталықты қәлиплестириў ҳаққында бармақта. Бул бир ўақтыниң өзинде мәмлекетлеримиз мийнет базарларының талапларын есапқа алыў, хызметкерлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў ҳәм нызамға қарсы бәнтлик қәўиплерин кемейтиў имканиятын береди.
Бесинши. Бүгинги күнде туризм мәдений-гуманитар тараўдағы шериклигимиздиң ең жедел раўажланып атырған бағдарларының бирине айланбақта.
Биз «Орайлық Азия туризм шеңбери» басламасын алға қойдық. ЕАЭА мәмлекетлерин оған қатнасыўға ҳәм бул туризм бағдарын ғалабалық санлы платформаларда биргеликте үгит-нәсиятлаўға шақырамыз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Сөзимниң жуўмағында Евразия экономикалық аўқамы менен әмелий шерикликти буннан былай да раўажландырыўға умтылысымыз қатаң екенлигин және бир мәрте тастыйықлағым келеди.
Өзбекстанның жоқарыда атап өтилген бирлескен баслама ҳәм жойбарларда қатнасыўы өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеўге ҳәм мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына көмеклесетуғынына исенемен.