Өзбекстан халқына Қурбан ҳайыты қутлықлаўы

115

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды, пүткил халқымызды бүгинги уллы әййям – мүбәрек Қурбан ҳайыты менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Тынышлық, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат байрамы – Ийд ал-Адха муқаддес динимиздиң мазмун-мәнисинде жәмленген ийгиликли идея ҳәм әмеллерди айқын сәўлелендирген ҳалда, ҳәзирги күнде мәмлекетимизде инсаныйлық руўхында алып барылып атырған кең көлемли реформаларымыздың мәнис-мазмунына үнлес екени менен бәршемиз ушын және де әзиз ҳәм қәдирли болып бармақта.

Бул ҳаққында сөз еткенде, көп миллетли елимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жәрдемге мүтәж инсанларды, ҳүрметли нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле ҳәм шаңарақларды абат етиўге қаратылған жумысларымызда Қурбан ҳайытының жақсы дәстүрлери күш-ғайрат ҳәм илҳам дереги болып хызмет етип атырғанын атап өтиў зәрүр.

Кейинги жылларда Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм бай мәдений қәдириятларын, уллы ойшылларымыздың илимий-ағартыўшылық мийрасын, ислам дининиң тийкарғы мәнисин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысларымыз жаңа басқышқа көтерилмекте. Буны жақында халқымыз ҳәм елимиз мийманлары ушын өз есиклерин ашқан гөззал пайтахтымыздағы Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандтағы Имам Бухарий естелик комплекси, Марғилан қаласындағы Бурҳониддин Марғиноний илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплекси сыяқлы Жаңа Өзбекстан әжайыбатлары болған сийрек ушырасатуғын естеликлер мысалында айқын көриў мүмкин.

Әлбетте, булардың барлығы Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы әҳмийетли тарийхый қәдемлер болып, олар бизди және де үлкен мобилизация менен ҳәрекет етиўге шақырады.

Ҳүрметли дослар!

Елимизде диний исеним еркинлигин тәмийинлеў ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар себепли усы қуўанышлы күнлерде 15 мыңнан аслам ўатанласларымыз муқаддес ҳаж әмеллерин орынламақта. Быйыл тарийхымызда биринши мәрте “Президент хажылары” бағдарламасы енгизилгенинен хабарыңыз бар. Бул бағдарламаға муўапық, елимизге шын кеўилден хызмет еткен 100 ўатанласымыз – уламалар, нураныйлар, мәҳәлле ветеранлары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мүбәрек ҳаж сапарына барыў имканиятына ийе болды.

Мине усы бахытлы демлерде барлық зыяратшыларымызды Қурбан ҳайыты менен қутлықлап, ибадатлары қабыл болыўын Алла тааладан сорап қаламыз. Муқаддес зыяраттан қайтып келетуғын бул ҳүрметли ўатанласларымыз жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары сыпатында шаңарақларымыз ҳәм мәҳәллелеримизде, пүткил жәмийетимизде алып барылатуғын руўхый-ағартыўшылық жумысларда белсене қатнасады, деп үмит етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, дүньяның түрли мәмлекетлериндеги мусылман досларымызға ҳәм шериклеримизге де қызғын қутлықлаўларымызды жоллап, оларға тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламыз.

Әзиз ўатанласлар!

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен быйыл да бир неше күнлик дем алыс күнлери белгиленди. Байрам күнлеринде де елимиз хызметинде, Ўатан шегараларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарып атырған ўатанласларымызға айрықша миннетдаршылық билдиремиз.

Сырт еллерде билим алып ҳәм жумыс ислеп атырған ўатанласларымызды да қызғын қутлықлап, олардың бәршесине жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Ел-журтымызды усындай қутлы әййямға тынышлық-аманлықта ҳәм аўызбиршиликте жеткергени ушын Алла таалаға шүкирлер болсын!

Жаратқан Алла елимизди өз панасында сақласын!

Қурбан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!

Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти