Күнделикли турмысымызда ҳәммемиз жолаўшымыз. Ҳәммемиз де жәмийетлик транспортлардан пайдаланамыз. Бүгинги күнде пайтахтымыз Нөкис қаласының мына басынан ана басына барыў ушын 30-35 километрлик жолды басып өтиўге туўра келеди.

Сонлықтан, халыққа транспорт хызметин көрсетиў мақсетинде жолаўшы тасыўға мөлшерленген жөнелисли такси, автобус хызметлери жолға қойылған.

Олар халықтың талабына толық жуўап берип атыр ма?

Бул туўралы көпшилик жолаўшылар унамсыз баҳаларын бермекте

Тараўдағы мына ис-ҳәрекетлерди көрип, олардың берген баҳаларына қосылмай илажымыз жоқ.

Мәселен, қаламыздағы өзим билетуғын 45, 65-санлы жөнелисли таксилер азанғы ўақытлары «Орайлық базар»да, түски ҳәм кешки ўақытлары өз жөнелисиниң соңғы бәндиргисинде турып қалады. Бундай ис-ҳәрекетлер көпшилик жағдайларда айдаўшылардың өзбасымшалығынан келип шықпақта. Себеби, олар салондағы   орынлықлары толмағанша машинаны айдамайды. Ал, 45, 65, 37, 10, 2, 33 ҳәм 46-санлы жөнелисли таксилер көбинесе «Гөне қала» ҳәм «26-киши район», деп жазылған қағазларды алдыңғы айналарына қыстырып, қағазда жазылған жерге шекем адам алыўды қәлеп, оннан аржағына баратуғын адамларды алғысы келмейди. Жолаўшыларды түсирип, аржағына және адам алғысы келеди. Ямаса соңғы бәндиргиге бармай-ақ жары жолдан айланып кетеди. Сонлықтан, жолаўшылардың азанда жумысқа келиўи, кеште үйге қайтыўы мүшкиллеспекте.

Бундай ис-ҳәрекетлер жолаўшылар арасында «…нанын ҳадаллап жесе болмай ма?», «…айдаўшылар халыққа хызмет көрсетиўди емес, тек қалтасын ойлайды», деген наразылықларды келтирип шығармақта.

Айдаўшыларды тыңласаң; «Белгиленген «план» ҳәм «норма»ны толтырыўымыз керек, өзлериниң машиналарын айдап жүргенлерге ҳеш гәп, бизлер «план»нан зыят машинаның ийесине де төлеўимиз керек. Таўып атырған ақшамыздан аўысып, қолымызға тийгени тек өлмес аўқатқа жетеди» деп, «дәртин» дәстан етеди.

Жөнелисли такси менен байланыслы фирмалардың баслықларына ҳәр күни кеште «план» тапсырылса болғаны ма екен?! Транспортлардың халыққа хызмет көрсетиў жағдайы қадағаланбағаны себепли усындай орынсыз ис-ҳәрекетлерге жол ашылып атырғанлығын бийкарлай алмаймыз. (қадағалап атырғанлары «бар болса»  буған кирмейди).

Жолаўшылар менен айдаўшылардың арасында ҳәр күни даў-жәнжел. Кешки ўақытлары базарда жөнелисли таксиге миниў ушын қырғын-талас. Адамлар машинаға илесип қалыў ушын қалай болса солай бирин-бири ийтерип оның алдына жуўырады.

Бул мәселелер интернеттеги тармақларда дерлик ҳәр күни додаланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-марттағы «Автомобиль транспорты тараўын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3589-санлы қарары менен 2018-жыл 8-июньнен баслап жолаўшылар транспортын басқарыў бойынша «Нөкис транспорт» басқармасы  «Өзавтотранс» агентлигине бириктирилген. Демек, жөнелисли транспортларды қадағалаў жумыслары Өзбекстан автомобиль транспорт агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына жүкленген.

Биз усы басқарманың баслығы А.Бердиевтан бул жағдайды түсиндирип,  әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат бериўин сорап мүрәжат еттик.

Бүгинги күнде Нөкис қаласы аймағында 16 автобус, 105 киши көлемли автобус жөнелиси бар. Солардан ҳәрекет етип турғанлары 2018-жылдың октябрь айы ҳалатына 4 автобус, 86 киши көлемли автобус жүретуғын 90 жөнелис бойынша 66 жуўапкершилиги шекленген жәмийет ҳәм киши кәрханаларға тийисли 99  Газель, 918 ДАМАС,  15 автобус, улыўма 1032 автотранспорт қураллары жолаўшы тасыў хызметин көрсетип киятыр,-дейди А.Бердиев. – Шынында да, қала аймағында автобуслардың азлығы себепли жолаўшыларды тасыўдың тығыз ўақытларында, яғный, азанғы ҳәм кешки пайытлары қыйыншылықлар келип шықпақта.

Жөнелислерде автобуслардың аз болыўына қала аймағындағы автобус жөнелислеринде автобусларда жолаўшы тасыў хызметин көрсетиўге талабан киши кәрханалардың жоқлығы, айырым киши кәрханалардың банк кредити есабынан алынған автобусларының кредит пулларын өз ўақтында өткере алмай атырғанлығы ушын сол автобуслар банк тәрепинен хатлаўға алынып, жөнелиске жиберилмей ҳәрекетсиз қалғанлығы, автобуслардың тапқан табысының өзине түсер баҳасын қапламайтуғынлығы себеп болмақта.

(Усы жерде белгиленген планын тапсыра алмай, кредитин қаплай алмаған,  хатлаўға алынып, тийисли уйымлардың хатлаўында турып пайдаланылмай атырған автобуслар қай жерде, не ушын ҳәрекетсиз сақланып тур? деген сораў туўылады. Оларды ҳәрекетсиз сақлап қойғаннан көре, қандай да бир илажын көрип жүргизиўге болмас па екен?! А.Ж.)

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-январьдағы ПҚ-2724-санлы «Халыққа транспорт хызметин көрсетиў ҳәм қалалар менен аўылларда автобусларда жолаўшыларды тасыў тараўын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 2017-2021-жылларда қалалар ҳәм аўылларда автотранспорт хызметин және де раўажландырыў бағдарламасы тийкарында республикамыздың қала ҳәм аўылларындағы жөнелислердеги ҳәрекеттеги автотранспортларды басқышпа-басқыш заманагөй, қолайлы автобуслар ҳәм микроавтобуслар менен жаңалап барыў жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди А.Бердиев. – Усы мақсетте быйылғы жылдың ноябрь-декабрь айы ишинде, «Умарбек транс» ЖШЖ тәрепинен 15, «Нукус Лада транс» ЖШЖ тәрепинен 15 ИСУЗУ автобуслары алынып келиниўи күтилмекте. Бул автобуслар қала ишиндеги жөнелислерге қойылатуғынлығын мәлим етемиз.

Ҳәрекетсиз турған жөнелислер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы қала, қала әтирапы, қалалараралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшыларды тасыўды шөлкемлестириў комиссиясы тәрепинен тендер таңлаўларына қойылып жөнелисти жүргизиўге талабан кәрханаларға бекитип берилмекте.

Мәселен, 2018-жыл 11-сентябрь күнги тендер таңлаўында бурын ҳәрекетсиз турған 4-санлы «Нөкис қалалық Саўда комплекси – Таслақ елаты – Нөкис қалалық Саўда комплекси» автобус жөнелисиниң схемасы жаңадан сызылып, жаңадан иске түскен Нөкис Арқа-батыс автовокзалына шекем созылып, жөнелисли транспорт жүргизиў ушын ҳүжжетлери таярланбақта.

Ал, гөнеқала аймағы бойынша бүгинги күнде 8-санлы «Жийдели-байсын елаты – Темиржол вокзалы – Нөкис қалалық Саўда комплекси» автобус жөнелиси бойынша «ЛЛТ НӨКИС» ЖШЖ менен шәртнама дүзилип, жөнелисли транспорт  жүргизиўге таярланбақта.

«Дәўлетмурат автотранс» ЖШЖ тәрепинен Нөкис Арқа-батыс автовокзалы – Шымбай жолы – Водоканал – Е.Алакөз көшеси – Х.Абдамбетов көшеси – П.Сейтов көшеси (26-киши район) – Ақмаңғыт гүзары (Үлги жайлар) жөнелиси бойынша жаңа жөнелис шөлкемлестирилип, онда ҳәрекет ететуғын жөнелисли транспортлардың ҳүжжетлери таярланбақта..

Бүгинги күнде ҳәрекетсиз турған 84-санлы «Кебир аўыл (АЖМҚШ) – Таслақ елаты – Кебир аўыл (АЖМҚШ)» киши көлемли автобус жөнелисиниң схемасы жаңадан салынған Нөкис Арқа-батыс автовокзалына шекем созылып, «Нөкис Арқа-батыс автовокзалы – Нөкис-Шымбай жолы – Х.Абдамбетов көшеси – П.Сейтов көшеси – Кебир аўыл (АЖМҚШ)» етип өзгерис киргизилип, «Абдижамилов транс» ЖШЖ тәрепинен жөнелисли транспорт жүргизиў ушын ҳүжжетлери таярланбақта.

Сондай-ақ, Нөкис районы Саманбай АПЖ Узынкөл бөлиминдеги Үлги жайлар (Теплицаның жаны) турғынларының тилек-өтинишлери бойынша жаңа «Узынкөл бөлими (Үлги жайлар) – Ақмаңғыт гүзары – П.Сейтов – Х.Абдамбетов – М.Жуманазаров – Е.Алакөз – Т.Қайыпбергенов – А.Досназаров – М.Жуманазаров – Х.Абдамбетов – П.Сейтов – Ақмаңғыт гүзары – Узынкөл бөлими (Үлги жайлар)» етип жөнелис ашыў бойынша жөнелис жолларын үйренип шығыўға усыныс киргизилген.

2018-жыл 11-сентябрьдеги тендер комиссиясы мәжилисинде, ҳәрекетсиз турған 104-санлы «Боз аўыл елаты (28-көше) – Нөкис Арқа-батыс автовокзалы» киши көлемли автобус жолы бекитип берилген «Пегас Нөкис таранс» ЖШЖ ға жөнелис жолларын Гөне қала, 26-киши районға созыў бойынша усыныс келтирилгенлигин мәлим етип билдиремиз.

Нөкис қаласы Таслақ елатында 2018-жыл август айының 16-сәнесинен баслап жаңа автовокзалдың имараты қурып питкерилип жумыс баслаўы менен усы аймақтан ҳәрекет ететуғын жөнелисли таксилердиң схемаларына өзгерис киргизилип, сол жаңа автовокзалға шекем созылғанлығына байланыслы, жөнелистеги автотранспортлардың ҳәрекет интервалларының да созылыўына алып келди.

Жөнелистеги жолаўшы тасыў хызметин көрсететуғын автотранспорт қуралларының санын көбейтиў бойынша усы жөнелислерде хызмет көрсететуғын кәрханалардың басшыларына усыныслар берилди. Буннан басқа Гөне қала аймағы орайындағы автотранспортлар турыў орнының жол ҳәрекети талапларына жуўап бермейтуғынлығына байланыслы, бул орын усы жылдың декабрь айы ишинде Жийдели-байсын елатындағы питкерилиў алдында турған жаңа автовокзалға көшириледи.

Басқарма баслығының берген мағлыўматларында қолға алынып атырған жаңа ис-ҳәрекетлер, илажларға көбирек орын берилгенин көремиз. Бул жақсы әлбетте, жаңа жумыслар исленип атырғанын билип қуўанамыз. Бирақ, пайтахтымыздағы ҳәрекет етип турған жөнелисли автотранспорт қуралларының халыққа хызмет көрсетиўин жақсылаў, олардың унамсыз ис-ҳәрекетлерин (жөнелис бойынша толық қатнамаў, жары жолдан қайтып кетиў, кешки ўақытлары саат 19:00 ҳәм 20:00 дан кейин айырым айдаўшылардың баҳаларды тийкарсыз, белгиленген бир мың сумлық жол ҳақыны еки мыңға шекем арттырыўы) қадағалаў мәселеси бойынша анық пикир-усыныслар, илажлар айтылмағаны өкинишли, әлбетте.

Автотранспортларды сатып алып, оны биреўлерге айдатып жолға қосып қойғанлар тек өз қалтасын ойлап отыра бермей, жөнелисли таксилерге жуўап беретуғын кәрханалардың басшылары айдаўшыларды қадағалап, халыққа хызмет етиўин тәмийинлеп, халық тили менен айтқанда «нанын ҳадаллап жесе» жақсы болар еди.

Жуўмақ шығарыў өзиңизден.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.