Илимий кадрларды таярлаў ҳәм илим тараўын және де раўажландырыў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 25-май күни илимий кадрлар таярлаў системасын жетилистириў ҳәм илимий жумыстың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.
Соңғы жыллары елимизде илимди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық көлемдеги бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде илимий белсендилик, халықаралық илимий басылымлардағы мақалалар саны және жоқары рейтингли журналларда басып шығарылып атырған изертлеўлердиң үлеси избе-из өсип бармақта.

Қалаберди, илимий кадрлар таярлаўдың сапасын буннан былай да арттырыў, изертлеўлердиң әмелий әҳмийетин күшейтиў, академиялық ҳадаллық принциплерин беккемлеў ҳәм тараўдағы басқарыў системасын заманагөй талаплар тийкарында жетилистириў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда жоқары потенциалға ийе илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған илажлар додаланды.

Мәмлекетимиздиң узақ мүддетли илимий-технологиялық раўажланыўы ушын тийкарғы есапланған жасалма интеллект, қайта тикленетуғын энергия, азық-аўқат қәўипсизлиги, медицина, суў ресурслары, жаңа материаллар ҳәм сейсмология сыяқлы тараўлар бойынша илимий кадрлар таярлаўда излениўшилерди қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў усыныс етилди.
Онда тийкарғы бағдарлардағы докторантлардың стипендиясын 1,7 есеге арттырыў ҳәм илимий изертлеўлерде зәрүр болған әсбап-үскене ҳәм реагентлерди сатып алыў ушын ҳәр жылы қосымша қаржы ажыратып барыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, илимий басшылардың жуўапкершилигин ҳәм оларды хошаметлеў механизмлерин күшейтиў усыныс етилди. Енди табыслы қорғалған диссертациялар бойынша илимий басшылардың халықаралық илимий белсендилик көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда нәтийжеге бағдарланған хошаметлеў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Және бир әҳмийетли бағдарлардан бири – Жоқары аттестация комиссиясының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша жаңа қатнаслар усыныс етилди.
Онда Жоқары аттестация комиссиясының жумысын Илимлер академиясы системасында шөлкемлестириў, илимий кеңеслердиң жуўапкершилигин арттырыў және олардың жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, илимий дәреже бериў процесслерин толық санластырыў арқалы артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў усыныс етилди.
Атап айтқанда, ҳәзирги күнде диссертация қорғаў процесинде әмел етип атырған тәртип-қағыйдалардың 50 проценти санластырыў есабынан қысқартылады.
Бул процессте көп санлы ҳүжжетлерди басып шығарыў, авторефератларды үлкен көлемде таярлаў ҳәм диссертацияларды қайта додалаў менен байланыслы артықша талаплар бийкар етилиўи нәзерде тутылмақта. Бул болса излениўшилер ушын қолайлық жаратыў, ўақыт ҳәм қаржы жумсалыўын азайтыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, илим ҳәм экономиканың реал секторы интеграциясын күшейтиў мақсетинде философия докторы (PhD) илимий дәрежесин әмелий изертлеў жойбары шеңберинде алыўды нәзерде тутатуғын “Жойбар шеңберинде илимий дәреже” ҳәм “Әмелий докторантура” бағдарламаларын жолға қойыў усыныс етилди.
Бул қатнаслар шеңберинде докторлық изертлеўлер өндирис ҳәм экономиканың әмелий талапларынан келип шыққан ҳалда қәлиплестириледи. Онда илимий излениўлер реал сектор кәрханалары менен биргеликте әмелге асырылып, олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, илимий жойбарларды қаржыландырыў ҳәм таңлап алыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Процесске халықаралық экспертлерди тартыў, заманагөй санлы технологиялар тийкарында жойбарларды баҳалаў системасын енгизиў және илимий изертлеўлерди қаржыландырыўда ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти арттырыў нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, илимий белсендиликтиң жоқары өсиў пәтлери изертлеўдиң сапасы, академиялық ҳадаллық ҳәм ишки илимий қадағалаў механизмлерин және де күшейтиўди талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен илимпазлардың илимий жумысын бақлаўдың бирден-бир санлы системасын енгизиў, илимий этика стандартларын жетилистириў, изертлеўдиң сапасы үстинен тәсиршең мониторинг механизмлерин жолға қойыў усыныс етилди.
Сырт елде жумыс алып барып атырған тәжирийбели ўатанлас илимпазлар менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери де додалаў орайында болды.
Соның ишинде, илим тараўын халықаралық тәжирийбе тийкарында раўажландырыў, илимий-изертлеў мәдениятын беккемлеў ҳәм заманагөй методологиялық стандартларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығатуғын Илимий мәсләҳәт кеңесин шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған усынысларды ҳәр тәреплеме пуқта ислеп шығыў, илим ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын заман талаплары тийкарында жетилистириў және илимий изертлеўлердиң сапасын буннан былай да арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА