Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң миллий китапқумарлық ҳәрекети басланыўына бағышланған мәресимде шығып сөйлеген сөзи

152

 

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Ҳүрметли Муҳаммад ал-Гаргавий мырза!

Әзиз жас китапқумарлар!

Бүгин мәмлекетимиз турмысындағы және бир умытылмас тарийхый ўақыя – Өзбекстанда китапқумарлықты раўажландырыў бойынша улыўма миллий ҳәрекетке старт берилмекте.

Ҳәммемизге белгили, дүнья жеделлик пенен өзгерип атыр. Турмысымызға санлы технологиялар, заманагөй гаджетлер ҳәм жасалма интеллект барған сайын терең кирип бармақта. Инсан санасы ҳәм қәлбин басқарыўға қаратылған басымлар күн сайын күшеймекте. Бирақ бир ҳақыйқат бар, ол ҳеш қашан өзгермейди. Китап оқыған адам терең ҳәм саламат пикирлейди. Бундай пикирлеўге ийе инсан болса жәмийетти өзгерте алады.

Жасалма интеллект әсиринде адамзаттың ең үлкен үстинлиги – өз бетинше пикирлей алыў қәбилети. Китаплар бул жолда ең жақсы дос ҳәм бийғәрез жәрдемши есапланады.

Биз Жаңа Өзбекстанда китапқумарлық мәдениятын, китапқа болған итибарды мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерип атырмыз. Китапқумарлық – бул тек ғана билимлендириў мәселеси емес, ал миллетимиз, халқымыздың келешеги, мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлейтуғын шексиз руўхый күш болып есапланады.

Уллы бабаларымыз – Имам Бухарий, Муҳаммед Хорезмий, Аҳмад Фарғаний, Әлийшер Наўайы ҳәм Мырза Улуғбек сыяқлы ойшыл инсанлар адамзат цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Олардың ҳәр бири китап оқыў арқалы жоқары шеклерге ерискен. Усы мәниде, Әлийшер Наўайы бабамыздың “Китап – бийғәрез устаз, руўхый раўажланыўдың тийкарғы дереги,” деген сөзлеринде терең мәни жәмленген.

Бүгинги жасларымыз әне усындай уллы ата-бабаларымызға мүнәсип әўлад болыўы зәрүр. Буның бирден-бир жолы билим, билим ҳәм және бир мәрте билим!

Қәдирли дослар!

Биз халықаралық майданда қүдиретли ҳәм жоқары потенциалға ийе халық сыпатында өзимизди көрсетиўимиз ушын еки беккем тийкарға сүениўимиз зәрүр.

Бириншиси – бийбаҳа илимий ҳәм мәнаўий мийрасымыз.

Екинши – заманагөй илим ҳәм алдынғы технологиялар.

Әне усы дереклерди үйлестирип, терең пикирлейтуғын, билимли, ўатансүйиўши әўладты тәрбиялаў – ең әҳмийетли ўазыйпамыз.

Мен мәмлекет басшысы сыпатында өз жумысымды баслаған дәслепки күнлерден баслап бул мәселеге тийкарғы әҳмийет қаратып келмектемен. Усы мақсетте мәмлекетимизде 2017-жылдан берли өткерилип киятырған “Жас китапқумар” таңлаўы миллионлаған жасларды китапқа жақынластырды, оларда китап оқыўға меҳир ҳәм қызығыўшылық оятты. “Жас китапқумар шаңарақ” таңлаўы болса китапқумарлық орталығын ҳәр бир шаңараққа алып кириўге хызмет етпекте. Усы жылдың басында айрықша қарар қабыл етип, ең белсенди китапқумарларды қоллап-қуўатлаў системасын жолға қойғанымыз бул жумыслардың үзликсиз даўамы болды.

Хабарыңыз бар, күни кеше “Жас китапқумар” таңлаўының гезектеги республикалық басқышы жуўмақланды. Онда елимиздиң барлық аймақларынан келген 42 ең билимли, зийрек ул-қызларымыз өз талант ҳәм имканиятларын толық көрсетти. Таңлаў жуўмақларына бола, Фарзона Носирова, Жасурбек Абдуғаффоров ҳәм Фазилат Диёрова жеңимпаз деп табылды. Олар ҳәзир арамызда отыр. Бүгин жеңимпазлар кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында Президент саўғасы – заманагөй автомобильлер менен сыйлықланды. Олардың жетискенлиги өзлери сыяқлы миллионлаған жасларға үлги ҳәм үлкен хошамет болды, десем, қәтелеспеймен. Бундай китапқумар ул-қызларымыздың қатары күн сайын кеңейип атырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады.

Пурсаттан пайдаланып, мен бул китапқумар перзентлеримизди, олардың устазлары ҳәм ата-аналарын шын жүректен қутлықлайман, ҳәммесине рақмет айтаман.

Қәбилетли, ақылы өткир, излениў ҳәм умтылыстан тоқтамайтуғын жаслар – Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши болып есапланады.

Биз бул таңлаўларды өткериў бойынша мәмлекетимизде үлкен тәжирийбе топладық. Бул бағдарда дүньядағы алдынғы дәстүрлерди де терең үйрендик. Атап айтқанда, Бирлескен Араб Әмирликлери китапқумарлық бойынша пүткил дүньяға үлги болып келмекте. 2015-жылы Шайх Муҳаммад бин Рашид Ол Мактум Ҳәзирети мырзаның басламасы менен басланған “Араб китапқумарлық таңлаўы” бағдарламасы бүгинги күнде дүньядағы ең ири ағартыўшылық басламалардан бирине айланды. Қысқа ўақыт ишинде, тек ғана 10 жыл ишинде бул ҳәрекет дүньядағы 200 миллионнан аслам оқыўшыларды қамтып алды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы жақын дослық ҳәм стратегиялық шериклик шеңберинде бул ийгиликли идеяны бай руўхый мийрасымыз тийкарында елимизде жаңа басқышқа алып шығыўға қарар еттик.

Пурсаттан пайдаланып, Әмирликлер ҳүкиметине ҳәм ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад ал-Гаргавий мырзаға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз перзентлерим!

Бүгин сизлер менен китапқумарлықты улыўма миллий халық ҳәрекетине айландырыў жолында тарийхый қәдем қоймақтамыз. Басланып атырған “Миллий китапқумарлық ҳәрекети” бағдарламасы алдынғы басламаларымыздың ажыралмас бөлеги болады. Мен күни кеше бул бағдарламаны мәмлекет көлеминде белсене қоллап-қуўатлаў ушын айрықша бийликке қол қойдым. Енди ҳәр жылы бул илаждың финаллық басқышы Президент дәрежесинде өткериледи. Оның улыўма жыллық сыйлық фонды 240 мың долларды қурайды. Бас сыйлықтың ийеси 50 мың доллар менен сыйлықланады. Бул – мәмлекетимиз тарийхында китапқумарлық бойынша ең салмақлы сыйлық.

Бул ҳәрекет елимиздиң барлық аймақларын толық қамтып алады. Онда мәмлекетимиздиң улыўма билим бериў мектеплериниң, соның ишинде, 1-класстан 11-классқа шекемги оқыўшылар ушын қатнасыў имканияты жаратылады.

Қайсы мектеп ең китапқумар мектеп болады? Қайсы аймақ ең белсене қатнасады? Қайси оқыўшы 50 китапты биринши болип оқып питкереди?

Усы сораўлар елимиздиң умтылыўшаң ҳәм зийрек жасларын китап деген әжайып нәрсениң әтирапында бирлестириўи, олардың қәлбинде жаңа дөретиўшилик руўхын оятыўы керек. Мен барлық мектеплерде, улыўма, жәмийетимизде китапқумарлық орталығы, саламат сана-сезим үстин болыўын қәлеймен.

Елимиздеги ул-қызларымыз арасынан келешекте уллы илимпазлар, ойлап табыўшылар, шайыр ҳәм жазыўшылар жетисип шиғады. Мен оларға қарата айтпақшыман: өмирде жоқары шеклерге ерискен инсанлардың барлығында бир улыўма пазыйлет бар – олар көп китап оқыған, ҳәр күни оқыған. Китап олардың өмирлик дана ҳәм садық досты болған.

Усы жерде ҳүрметли устазлар ҳәм ҳүрметли устазлар ҳәм ата-аналарға да мүрәжат етпекшимен.

Қайсы шаңарақта китап оқылса, сол шаңарақта билим ҳәм мәнаўият болады. Қайсы жәмийет көп үйренсе, изленсе, сол жәмийет әлбетте раўажланады.

Мен бул бағдарламаны тек ғана китап оқыў жарысы емес, ал жанажан Ўатанымыз келешеги ушын стратегиялық инвестиция, деп билемен. Егер биз бүгин балаларымыздың қолына жақсы китап берсек, ертең олар Жаңа Өзбекстанның уллы келешегин қурыўға әлбетте уқыплы болады. Соның ушын бәршеңизди усы улыўма халықлық ҳәрекетте белсене қатнасыўға шақыраман.

Қәдирли ул-қызларым!

Әлбетте, телефон услаў аңсат, гаджетлерден пайдаланыў қолайлы. Бирақ китап пенен досласқан инсан өмир жолында узаққа барады. Китап оқыған ҳәм ондағы жақсы мәнислерди аңлаған миллет ҳеш қашан жеңилмейди.

Уллы ағартыўшы бабаларымыздың “Илимнен басқа мәдет жоқ” деген ҳикметли сөзлериниң мәнис-мазмунын биз пүткил мәмлекет көлеминде турмысқа енгизип атырмыз. Мен бул уллы идея ҳәр бир ул-қыздың қәлбинен терең орын алыўын, өмирдиң алтын қағыйдасына айланыўын тилеймен.

Бәршеңизди елимизде бул әҳмийетли тарийхый ҳәрекет басланғаны менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.