Президент Шавкат Мирзиёевтиң футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзаларын жәҳән чемпионатына салтанатлы шығарып салыў мәресиминдеги шығып сөйлесип сөзи

143

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Әзиз футбол ықласбентлери!

Бәршеңизди бүгинги пайызлы ақшамда өткерилип атырған үлкен футбол байрамы менен қутлықлайман.

Бүгин – өзбек футболы ушын және бир тарийхый күн. Үлкен исеним ҳәм жақсы тилеклер менен миллий сайланды командамызды АҚШ, Мексика ҳәм Канада майданларында болып өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатына шығарып саламыз.

Пурсаттан пайдаланып, бизге мине усындай умытылмас күнлерди инам еткен шебер футболшыларымызға, оларды тәрбиялап, камалға келтирген ата-аналарына, устаз ҳәм тренерлерине, сайланды командамыздың барлық ағзаларына пүткил халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли дослар!

Сизлердиң миллий командамызға болған меҳир ҳәм садықлығыңыз ҳәр қанша мақтаўға ылайық. Ыссыны ыссы демей, жаўынды жаўын демей, жеңис минутларында да, қыйын ўақытларда да футболшылар менен бирге болып, ҳақыйқый ўатансүйиўшилик үлгисин көрсетип келмектесиз. Буның ушын стадионды толтырып отырған ықласбентлерге, сизлер арқалы футболды сүйиўши халқымызға айрықша рахмет айтаман.

Бүгин стадионда фан-клубларымызды да көрип атырман. Олар сайланды команда ойынларын тек ғана трибунадан бақлап қоймастан, ал футболшылар менен бирге гүреспекте, футболдың ишинде жасамақта.

Фан-клублардың ағзалары ҳәр бир ойында ҳақыйқый өзбекшиликке тән, бийтәкирар усылы менен он екинши ойыншы ўазыйпасын мүнәсип атқарып келмекте, десем, сизлер де пикириме қосыласыз, деп ойлайман.

Олар мундиалда да мыңлаған ўатанласларымыз, сырт елдеги ўатанласларымыз бенен бирге, тап ҳәзиргидей күш-ғайрат ҳәм даўыслар менен футболшыларымызды қоллап-қуўатлайтуғынына исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Елимизде футбол әлле қашан ҳәр бир шаңарақтың достына айланып үлгерген, десек, ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз.

Көрип турман, бүгин де көпшилигиңиз стадионға перзент ҳәм ақлықларыңыз бенен келдиңиз. Спортшыларымыз ерисип атырған жетискенликлерден руўхланып, олардың арасынан да жаңадан-жаңа чемпионлар шығатуғыны сөзсиз.

Жаңа Өзбекстанда спортқа қаратылып атырған итибар, ҳәр бир аймақта қурылып атырған ири спорт объектлери, орынларда шөлкемлестирилип атырған профессионал футбол академиялары, жақында жумыс баслаған “Миллий футбол орайы” жасларымыз жаңадан-жаңа жетискенликлерди қолға киргизиўи ушын беккем тийкар болады.

Өткен жылы пайтахтымызда 100 гектардан аслам майданда 5 ири спорт комплексин өз ишине алған Олимпия қалашасын қурып питкердик. Жаңа Ташкентте ФИФА стандартларына толық жуўап беретуғын 55 мың орынлық саўлатлы стадион бой тиклемекте. Бул стадион елимиздеги миллионлаған футбол ықласбентлери ушын үлкен саўға болады. Бундай заманагөй имаратлар мәмлекетимизде көплеген абырайлы халықаралық спорт жарысларын өткериўге хызмет етеди. Спортшыларымызды және де үлкен ҳәм жарқын жеңислерге жетеклейди.

Қәдирли сайланды команда ағзалары!

Бүгин халқымыз жоқары кейпият пенен сизлерге пәтия берип, үлкен мундиалға шығарып салмақта. Сизлерди алдында Португалия, Колумбия, Конго сыяқлы күшли сайланды командалар менен әҳмийетли ойынлар күтип турыпты.

Үлкен күш-ғайрат, исеним менен майданға шығың!

Соны билиң, биз бәрқулла сизлер менен биргемиз!

Ҳақыйқый өзбекшиликке тән мәртлик, жигерлилик ҳәм ерк-ықрарыңыз бенен сулыў ҳәм исенимли ойын көрсетип, ҳәммемизди қуўандырасыз, деп исенемиз.

Әзиз ўатанласлар!

Бүгин сизлердиң қатарыңызда мениң кеўлим де мақтанышқа толып тур. Өзбек халқы бәрқулла үлкен арзыў-нийетлер менен тек ғана алға умтылып жасаған. Келиң, бүгин ҳәммемиз жақсы нийет етейик:

Жаңа Өзбекстан спорты және де раўажлансын, футболымыз және де гүллеп-жаснасын!

Бәршеңизге беккем денсаўлық, әўмет ҳәм табыслар яр болсын!

Жасасын өзбек футболы!

Жасасын Жаңа Өзбекстан жаслары!

Жасасын дөретиўши Өзбекстан халқы!