Президент Шавкат Мирзиёевтиң футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзалары менен ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзи

180

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Миллий команда ағзалары!

Қәдирли устаз ҳәм тренерлер!

Футболымыз ветеранлары!

Бәршеңизди үлкен футбол байрамы – АҚШ, Мексика ҳәм Канада майданларында болатуғын жәҳән чемпионаты алдынан саў-саламат ҳәм жақсы кейпиятта көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Биз бул күнлерди пүткил халқымыз, футбол ықласбентлери менен 34 жыл күттик. Усы мәнисте, футболшыларымызды Өзбекстан тарийхында жаңа бет ашқан заманымыз қаҳарманлары, деп айтсақ арзыйды. Себеби олар ҳәр бир ойынға жоқары таярлық көрип, жоқары жуўапкершилик, ўатансүйиўшилик руўхы менен тек ғана жеңис ушын майданға шықты. Халқымызға әлем-әлем қуўаныш бағышлады.

Ырасын айтсам, мундиал жолламасы қолға киргизилген күни көзиме уйқы келмеди. Барлық ўатанласларымыз сыяқлы мен де иш-ишимнен қуўандым, байрам қылдым.

Пурсаттан пайдаланып, майданда мәртлик ҳәм шеберлик көрсеткен футболшыларымызға, оларды тәрбиялап, камалға келтирген ата-аналарына, устаз ҳәм тренерлерине миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги ушырасыўымызда белгили шайыр, жазыўшы ҳәм көркем өнер шеберлеримиз де қатнаспақта. Олар майданда мәртлик көрсеткен футболшыларымыз ҳаққында жаңа қосық ҳәм шығармалар жазбақта, қосық ҳәм гимнлер жаратпақта.

Исбилерменлеримизди айтпайсыз ба, олар да әллеқашан ҳәрекетти баслап жиберген. Бизнес ўәкиллери сизлер арқалы миллий “бренди”н дүньяға танытпақта, жаңа базарларға шықпақта.

Әзиз перзентлерим, көрип турсызлар, сизлер тек ғана спорттың раўажланыўына үлес қосып қоймастан, ал исбилерменлеримизге жаңа имканиятлар есигин ашып атырсыз, әдебият ҳәм көркем өнер ўәкиллерине жаңа илҳам, жаңа руўх ҳәм қанат бересиз. Жасларымызға ҳақыйқый үлги болдыңыз, “мен де белгили футболшы боламан,” деген перзентлеримиздиң қатары көбейип бармақта. Көп миллетли халқымыз сизлер менен бәрқулла мақтанады!

Қәдирли дослар!

Әлбетте, ҳеш нәрсе өзинен-өзи болып қалмайды, бундай жеңислерге аңсатлық пенен ерисилмейди. Елимизде спортқа, атап айтқанда, футболға қаратылып атырған итибар, жаратылып атырған шараятлар бул жетискенликлерге үлкен тийкар болды, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Соңғы жыллары орынларда 200 ден аслам ири спорт объектлери, 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клублары жумыс баслады, 1,5 мыңнан аслам мәҳәлледе спорт майданшалары қурып берилди, пайтахтымызда заманагөй Олимпия қалашасын қурдық, Жоқары Шыршықта “Миллий футбол орайы”н иске қостық, ҳәр бир ўәлаятта биреўден профессионал футбол академиясын ҳәм футбол мектеплерин шөлкемлестирдик.

Мине, усы жумысларымыздың есабынан ҳәўескер футболшылардың саны 5 миллионға жетти, футбол менен турақлы шуғылланыўшылар 1 миллион 300 мыңнан асты, профессионал футболшылар болса 17 мыңға жетти. Ең тийкарғысы, биз футболда коррупция, таныс-билислик деген иллетти жоқ еттик. Ашық-айдын система жараттық. Бул – ең қәбилетли жасларды, ҳақыйқый талантлыларды үлкен майданға алып шықты.

Мине, дөгерегимизде футболымыз ветеранлары да отыр. Олар да өз мәсләҳәтлери менен бул жумысларымызды қоллап-қуўатлады, пәтия берди. Сизлерге де үлкен рахмет.

Әзиз ўатанласлар!

Биз ушын футбол тек ғана профессионал спорт түри емес, ал жаслар тәрбиясы, саламат турмыс, тәртип-интизам ҳәм ўатансүйиўшилик мектеби болады. Енди елимиздеги ҳәр бир мәҳәллеге футбол нәпеси кирип барады. Ҳәр бир балаға өз мәҳәллесинде топ тебиў, жарысларда қатнасыў, өз талантын көрсетиў имканияты жаратылады. Буның ушын “Ҳәр бир мәҳәлле – футбол майданы” бағдарламасын баслаймыз.

Бул – улыўма миллий ҳәрекетке айланады. Бағдарлама шеңберинде “Мәҳәлле лигасы” шөлкемлестирилип, 12-17 жасар ул-қызлар арасында мәҳәлле футбол командалары дүзиледи, ҳәр жылы ҳәўескер футболшылардың қатнасыўында “мәҳәлле – район – ўәлаят – республика” басқышларынан ибарат жарыслар өткериледи.

Улыўма, “Мәҳәлле лигасы” ең жақсы талантлыларды селекциялаўда профессионал клублар ушын таяр база болады.

Ҳүрметли дослар!

Майданда топты футболшы тебеди, бирақ ойын усылын ҳәм тактикасын тренер белгилейди. Бүгин сайланды командамыз бенен үлкен тәжирийбе ҳәм чемпионлық характерге ийе Фабио Каннаваро басшылығындағы тренерлер штабы ислемекте. Биз Фабио Каннавароны футболшылық дәўиринен жақсы билемиз.

2006-жылы Германияда өткерилген мундиалда Каннаваро капитани болған Италия сайланды командасы жәҳән чемпионы болған. Сол жылы Каннаваро дүньяның ең жақсы ойыншысы деп тән алынған ҳәм футбол тарийхында “Алтын топ” ийеси болған аз санлы қорғаўшылардан бирине айланған. Зидан, Рональдо сыяқлы заманагөй футбол әпсаналары да Каннаварони өзлерине қарсы ойнаған ең күшли қорғаўшы, деп тән алған.

Каннавароның майдандағы ойынды алдыннан сезиў қәбилети, тәртип-интизамлылығы ҳәм жетекшилик қәсийетлери оның тренер болып қәлиплесиўине тийкар жаратты. Фабио Каннаваро Өзбекстанға енди келген күнлеринде физикалық таярлық ҳәм тәртип мәселесине көп тоқтап өткен еди. Соның ушын футболдағы ҳәр бир майда детальға да итибар қаратып, физикалық таярлық ҳәм ҳүжимшилер менен ислейтуғын тренерлерди, шыпакер, нутриционолог ҳәм аспазларды алып келди ҳәм халықаралық тәжирийбеге ийе жақсы команданы қәлиплестирди.

Футболшыларымыздың ойынында көрип атырмыз: дурыс позиция таңлаў, жоқары прессинг, топ қадағалаўы, тез қарсы ҳүжим сыяқлы футбол элементлери көбейди. Египет, Иран, Венесуела ҳәм Габонға қарсы ойынларда буның гүўасы болдық.

Пурсаттан пайдаланып, Фабио Каннавароны тренер сыпатында мундиалға биринши қатнасыўы менен қутлықлап, тренерлер штабына жаңа табыслар тилеймен.

Енди футболшыларға қарата айтпақшыман: жәҳән чемпионатында аңсат ойынның өзи болмайды. Сизлер Португалия, Колумбия, Конго сыяқлы күшли сайланды командаларға қарсы ойнайсыз. Халқымыз ҳәр бир ойында сизлерден жеңис күтетуғыны тәбийий, әлбетте. Бирақ, бир ҳақыйқатты бәрқулла есте сақлаң, сизлер тарийхты әлле қашан дөретип болдыңыз!

Алдында турған әҳмийетли ушырасыўларда артықша басымсыз, ҳеш кимнен қорықпай, барыңызды берип ойнаң!

Ҳәр бир топ ушын, ҳәр бир жағдай ушын, майданның ҳәр бир қарысы ушын ақырына шекем гүресиң!

Барлық жуўапкерлерге, елшилерге тапсырма бергенмен. Мундиалдағы барлық ойынларыңызда фан-клуб ағзалары, мыңлаған футбол ықласбентлери, Америкадағы ўатанласларымыз да стадионнан сизлерди қоллап-қуўатлап турады.

Майдандағы ҳәр бир ҳәрекетиңизди 40 миллионлық халқымыз экран артында үлкен толқынланыў, бақырып бақлайды, жүреклерди толқынландыратуғын сезим ҳәм толқынланыўға ийе болады.

Ядыңызда болсын: ел-халқымыз сизлерге исенеди, Президент сизлерге исенеди!

Ҳәр бир қарсыласқа қарсы мәртлерше гүресип, Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғаң!

Жеңис ҳәм әўмет сизлерге ҳәмийше яр болсын!