Елимиз мектеплерин питкериўши ул-қызларымызға

154

Әзиз перзентлерим, ҳүрметли устаз ҳәм тәрбияшылар, ҳүрметли ата-аналар!

Бүгин елимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплеринде “соңғы қоңыраў”лар жаңлап, байрам илажлары болып өтпекте. Мине, усы толқынландырыўшы демлерде 472 мың ул-қызларымыз мектеп билимлендириўин тамамлап, үлкен өмирге жоллама алмақта.

Мине усындай умытылмас әййям менен бәршеңизди шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Биз бүгин келешек режелерин дүзип атырған сиздей перзентлеримиз тымсалында Жаңа Өзбекстанды дүньяға танытатуғын дөретиўши күшти көремиз.

Усы жылы биринши мәрте 11 мыңнан аслам перзентлеримиз мектепти алтын ҳәм гүмис медальлар менен тамамламақта. Бундай умтылыўшаң ул-қызларымыз келешекте де өз заманласларына үлги болып, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Ҳәр бир мектеп питкериўшисиниң турмыста мүнәсип орын ийелеўи ушын ҳәзирги күнде үлкен күш ҳәм имканиятларымызды жумсамақтамыз.

Әлбетте, бүгинги питкериўши – ертеңги инженер, шыпакер, илимпаз, шайыр ҳәм жазыўшы, исбилермен дегени. Бүгинги питкериўши – Үшинши Ренессанс дөретиўшиси дегени. Сизлер Жаңа Өзбекстанның ең үлкен исеними ҳәм таянышысыз.

Елимизде 207 жоқары оқыў орны ҳәм 643 техникум сизлерге заманагөй билим, кәсип ҳәм маманлық бериўге таяр. Мийнеткеш, өз күшине исенген жасларымыз еле мектепти питкермей турып, елимиздеги, сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынларына кириўге үлгерди. Мәселен, 171 жасымыз дүньяның жетекши университетлерине, және мыңлаған питкериўшилер мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларына қабыл етилди.

Мине, усы перзентлеримди, олардың ата-аналарын ҳәм устазларын бундай жетискенликлери менен шын жүректен қутлықлайман.

Әзиз питкериўшилер!

Өзиңиз көрип турсыз, бүгин турмыс та, мийнет базарындағы талап та жеделлик пенен өзгерип бармақта. Жаңадан-жаңа кәсиплер пайда болмақта. Тил, кәсип, компьютер саўатлылығы ҳәм еркин дәрамат табыў көнликпесин ийелеў әҳмийетли зәрүрликке айланбақта. Мийнет базары енди, бәринен бурын, “ҳүжжет” емес, әмелий билим, тәжирийбе ҳәм нәтийже сорап атыр.

Бүгин аўылдағы әпиўайы мектеп питкериўшиси ертең дүнья тән алатуғын илимпаз болады. Бүгин өз алдына үлкен мақсетлер қойған, умтылыўшаң, излениўшең жасларымыз ертең миллионлаған инсанларға хызмет ететуғын технологияларды жаратады. Бүгин китап оқып атырған бир қызалақ ертең мәмлекет раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғын перзентлерди тәрбиялайды.

Соның ушын, ҳәр бириңиз кеминде биреўден шет тилин ҳәм заманагөй кәсипти ийелеўге ҳәрекет етиң. Бул келешекке ашылған есик, сиз ушын қосымша имканият ҳәм хошамет болып есапланады.

Исбилермен болыўды қәлеўши жасларымыз ушын банклер усы жылы 25 триллион сум арзан кредитлер усыныс етпекте. Стартап жойбарларын баслаған питкериўшилерге болса 100 миллион доллар қаржы таярлап қойғанбыз. Ең ири IТ компаниялар ҳәр жылы кеминде 50 мың питкериўшини жасалма интеллект бойынша оқытып, жоқары дәраматлы жумысқа жайластырыўға таяр. Келеси жылларда 168 мың гектар супер интенсив санаатластырылған бағлар жаратамыз. Бул жойбарларда қатнаспақшы болған балаларымды мен бәрқулла қоллап-қуўатлайман.

Мине, усы жаңа тараўларда сизлер, әлбетте, өз кәсибиңиздиң ҳақыйқый ийеси боласыз!

Қәдирли перзентлерим!

Бүгинги тез өзгерип атырған дәўирде турмысқа, оның кескин талапларына таяр болыў – бул ең әҳмийетли ўазыйпа.

Бул жолда сизлер ушын ең жақын дос ҳәм ең күшли қурал – китап болып есапланады. Себеби китап – нур, илим ҳәм ибрат дереги. Көп китап оқыған инсан ҳеш қашан туўры жолдан адаспайды, күшли ерк-ықрарға, кең дүньяқарасқа ийе болады.

Бүгинги турмысымызда сизлер ушын үлги болатуғын жетискенликлеримиз, жас қаҳарманларымыз көп. Төрт-бес жыл алдын мектепти питкерген Жавоҳир Синдоров, Нодирбек Абдусатторов, Абдуқодир Ҳусанов сыяқлы белгили спортшыларымыз шахмат ҳәм футбол әлеминде пүткил дүньяны таң қалдырмақта.

Жас кинодөретиўшилеримиздиң сүўретке алған қысқа метражлы фильми Канн халықаралық кинофестивалы шеңбериндеги инклюзив фильмлер фестивалында Гран-при сыйлығын алыўға миясар болды.

Күни кеше футбол бойынша миллий сайланды командамызды жәҳән чемпионатына үлкен салтанат пенен шығарып салдық.

Бәршемизге шексиз мақтаныш бағышлайтуғын бундай жетискенликлер бурын тарийхымызда ҳеш қашан болмаған.

Көрип турсызлар ма, шын кеўилден умтылып, ҳәрекет етсе, Жаңа Өзбекстан жаслары қандай уллы шеклерди ийелеўге уқыплы!

Мен исенемен, сизлердиң араңыздан да әне, усындай миллет қаҳарманлары, Жаңа Өзбекстанның мақтанышлары жетисип шығады!

Бул дүньяда ҳәр бир саналы инсан ата-анасы, устазлары ҳәм ел-журтының исенимин ақлаўға умтылып жасайды. Инсан ушын ең уллы бахыт, үлкен мақтаныш негизинде усы.

Сиз бүгин мектепти питкердиңиз, бирақ үлкен өмир мектеби енди басланбақта.

Мен сизлерге мине, усындай теңсиз бахыт, жоқары бахыт ийеси болыўыңызды тилеймен.

Өз алдыңызға үлкен мақсетлер қойыўдан ҳеш қашан қорықпаң!

Өзиңизге исенип, бәрқулла алға барың!

Бәрқулла өзгерислер, реформалар руўхы менен жасайтуғын әўлад болың!

Бул жолдағы дәслепки қәдемлериңиз қутлы ҳәм берекетли болсын!

Бәршеңизге бахыт ҳәм әўмет ҳәмийше яр болсын, әзиз перзентлерим!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти