Мәмлекетимиз басшысы Миллий китапқумарлық ҳәрекетине старт берди

231

Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында Өзбекстанда китапқумарлықты раўажландырыў бойынша улыўма миллий ҳәрекетке старт бериў мәресиминде қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы бүгин дүнья жеделлик пенен өзгерип атырғанын, санлы технологиялар, заманагөй гаджетлер ҳәм жасалма интеллект турмысымызға барған сайын терең кирип атырғанын атап өтти. Бундай қыйын шараятта инсанның еркин пикирлей алыўы ең үлкен абзаллық екени атап өтилди.

– Китап оқыған адам терең ҳәм саламат пикирлейди. Бундай пикирге ийе инсан болса жәмийетти өзгерте алады, – деди Президент.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда китапқумарлық мәденияты ҳәм китапқа итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилмекте. Китапқумарлық тек ғана билимлендириў мәселеси емес, ал миллет келешеги, халқымыздың руўхый қүдирети ҳәм мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлейтуғын әҳмийетли фактор болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы уллы бабаларымыз – Имам Бухарий, Муҳаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Әлийшер Наўайы, Мырза Улығбек сыяқлы ойшыллар адамзат цивилизациясына үлкен үлес қосқанын атап өтти. Олардың жоқары шеклерге ерисиўинде илимге умтылыў ҳәм китап оқыў тийкарғы дерек болған.

Усы мәнисте, мәмлекетимиз халықаралық майданда қүдиретли ҳәм жоқары потенциалға ийе халық сыпатында өзин көрсетиўи ушын еки беккем тийкарға сүйениўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Булар – бийбаҳа илимий ҳәм руўхый мийрасымыз және заманагөй илим ҳәм алдынғы технологиялар болып есапланады.

Президентимиз өз жумысының дәслепки күнлеринен жасларды китапқа қызықтырыў, оларда билимге меҳир ҳәм қызығыўшылық оятыўға тийкарғы әҳмийет қаратып киятырғанын атап өтти. 2017-жылдан берли өткерилип киятырған “Жас китапқумар” таңлаўы миллионлаған жасларды китапқа жақынластырды. “Жас китапқумар шаңарақ” таңлаўы болса китапқумарлық орталығын ҳәр бир шаңараққа алып кириўге хызмет етпекте.

Усы жылдың басында қабыл етилген қарар тийкарында ең белсенди китапқумарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жолға қойылды. Күни кеше “Жас китапқумар” таңлаўының гезектеги республикалық басқышы жуўмақланды. Онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген 42 ең билимли ҳәм зийрек жаслар өз қәбилетин ҳәм потенциалын көрсетти. Таңлаўдың үш жеңимпазы Президент саўғасы – заманагөй автомобильлер менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысы жеңимпазларды, олардың устазлары ҳәм ата-аналарын қызғын қутлықлап, бундай қәбилетли, излениўшең ҳәм билимге қуштар жаслар Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый таянышы екенин атап өтти.

Мәресимде китапқумарлықты раўажландырыў бойынша халықаралық тәжирийбеге де итибар қаратылды. Атап айтқанда, Бирлескен Араб Әмирликлеринде 2015-жылы Шайх Муҳаммад бин Рашид Ол Мактумның басламасы менен басланған “Араб китапқумарлық таңлаўы” бағдарламасы бүгинги күнде дүньядағы ең ири ағартыўшылық ҳәрекетлерден бирине айланғаны атап өтилди. Қысқа ўақыт ишинде бул баслама 200 миллионнан аслам оқыўшыны қамтып алған.

Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы жақын дослық ҳәм стратегиялық шериклик шеңберинде бул ийгиликли идеяны миллий руўхый мийрасымыз тийкарында елимизде жаңа басқышқа алып шығыўға қарар етилди.

Усы мақсетте “Миллий китапқумарлық ҳәрекети” бағдарламасы басланбақта. Мәмлекетимиз басшысы күни кеше бул бағдарламаны мәмлекет көлеминде белсене қоллап-қуўатлаў бойынша айрықша бийликке қол қойғанын атап өтти.

Енди ҳәр жылы бул илаждың финал басқышы Президент дәрежесинде өткериледи. Бағдарламаның улыўма жыллық сыйлық фонды 240 мың долларды қурайды. Бас сыйлықтың ийеси 50 мың доллар менен сыйлықланады. Бул елимиз тарийхында китапқумарлық бойынша ең салмақлы сыйлық болады.

Бул ҳәрекет мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алады. Онда улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класстан 11-классқа шекемги оқыўшылары қатнасыўы мүмкин.

Президентимиз бул баслама мектеплерде, шаңарақларда ҳәм пүткил жәмийетте китапқумарлық орталығын күшейтиў, жаслардың кеўлинде жаңа дөретиўшилик руўхын оятыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

– Мен бул бағдарламаны тек ғана китап оқыў жарысы емес, ал жанажан Ўатанымыз келешеги ушын стратегиялық инвестиция деп билемен. Егер биз бүгин балаларымыздың қолына жақсы китап берсек, ертең олар Жаңа Өзбекстанның уллы келешегин қурыўға әлбетте уқыплы болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәресимде Президентимиз барлық оқыўшы-жаслар, устазлар, ата-аналар ҳәм кең жәмийетшиликти усы улыўма миллий ҳәрекетте белсене қатнасыўға шақырды.

Китап оқыған, билимге умтылған ҳәм ийгиликли мәнилерди аңлаған миллет ҳеш қашан жеңилмейтуғыны атап өтилди. “Илимнен басқа мәдет жоқ” деген ағартыўшы ата-бабаларымыз идеясын пүткил мәмлекет көлеминде турмысқа енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА