Мәмлекетлик басқарыўдың сапасын арттырыўда жаңа басқыш басланды

187

Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында “Сапалы мәмлекетлик басқарыў” бағдарламасы шеңберинде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары елимизде “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек” деген принцип мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин атап өтти. Реформалар орайында инсан қәдирин улығлаў, пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын мүнәсип шараят жаратыў мақсети тур.

Атап өтилгениндей, нәтийжели мәмлекетлик басқарыўсыз ҳеш бир тараўда күтилген нәтийжеге ерисип болмайды. Ҳәр бир пуқара күнделикли турмысында сезип атырған унамлы өзгерислер арқалы мәмлекет жумысына баҳа береди. Соның ушын, басқарыў уйымлары адамлардың машқалаларын өз ўақтында, әдил ҳәм системалы шешиўи зәрүр.

Артықша қағазпазлық ҳәм бюрократия реформалардың нәтийжесин, халықтың мәмлекетке исенимин төменлетиўи атап өтилди. Усы көзқарастан, мәмлекетлик басқарыўда жаңаша ҳәм алдынғы қатнасларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда Бирлескен Араб Әмирликлери менен бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелемекте. Кейинги жыллары мәмлекетлик басқарыў тараўында еки мәмлекет арасындағы шериклик жаңа басқышқа көтерилди. Өткен жылы ноябрь айында бюрократияны сапластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша халықаралық форумлар биргеликте жоқары дәрежеде өткерилди, мәмлекетлик басқарыўда алдыңғы тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиў келисимине қол қойылды.

“Сапалы мәмлекетлик басқарыў” бағдарламасы мине усы бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында баҳаланды.

Президентимиз бул бағдарлама мәмлекетлик уйымлардың жумысын қалыс баҳалаў, олардың күшли ҳәм әззи тәреплерин анықлаў, алдынғы тәжирийбелерди кеңнен ен жайдырыў және саламат бәсеки орталығын қәлиплестириўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Усы жылдың январь-апрель айларында бағдарлама шеңберинде 40 республикалық уйымның жумысы, басқарыў сапасы ҳәм басшы кадрлардың жетекшилик қәбилети халықаралық экспертлер ҳәм жергиликли қәнигелер тәрепинен баҳаланды.

Сыйлықлаў мәресиминде бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар ерискен нәтийжелери ушын атап өтилди.

Әдиллик министрлиги “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў бойынша ең үлгили министрлик номинациясында жеңимпаз деп табылды. Атап өтилгениндей, министрлик қысқа ўақытта заманагөй, ашық-айдын ҳәм санлы әдиллик институтына айланды. Бүгинги күнде 30 платформа арқалы 380 хызмет толық санластырылған, 780 нен аслам хызметтен онлайн пайдаланыў имканияты жаратылған, 208 мәмлекетлик хызметлер орайы пүткил мәмлекет бойлап бирден-бир стандарт тийкарында ислемекте.

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ресурсларды басқарыў бойынша ең үлгили министрлик сыпатында тән алынды. Министрликте ажыратылған қаржылар жаңа кәнлерди излеў ҳәм тараўды раўажландырыўға бағдарланғаны, геологиялық-излеў жумысларында суўдың жумсалыўы 20 процентке қысқартылғаны, тийкарғы кәншилик үскенелериниң локализациялаў дәрежеси 84 процентке жеткерилгени атап өтилди.

Ишки ислер министрлиги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдеги унамлы нәтийжелери ушын ең үлгили деп табылды. Министрлик тәрепинен көрсетилип атырған 60 қа шамалас хызметтиң 95 проценти санлы түрге өткерилген. Бурын тарқалып кеткен 72 мағлыўматлар базасы бирден-бир “Қәўипсиз қала” системасына бирлестирилип, оған 14 басқарыў орайы ҳәм 20 дан аслам министрлик жалғанған. Өткен жылы 148 мыңнан аслам ҳәкимшилик ис аралықтан турып көрип шығылған.

Таңлаў шеңберинде үлгили басшы ҳәм қәниге хызметкерлер де сыйлықланды. Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги басқарма баслығы Мақсуд Болибеков ең үлгили басшы хызметкер, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниӊ бөлим баслығы Фазлиддин Мўминов ең үлгили ҳәкимшилик хызметкер, “Өзатом” агентлигиниң бас қәнигеси Шоҳмирзо Умаров ең үлгили қәниге хызметкер, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң кеңесгөйи Умматой Йўлдошева ең үлгили ҳаял хызметкер, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жойбар офиси баслығы Акбархон Собирхонов ең үлгили талантлы жас хызметкер, Әдиллик министрлигиниӊ бөлим баслығы Мирсаид Раҳматов инсан ресурслары бойынша ең үлгили хызметкер сыпатында жеңимпаз болды.

Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Олим Омонов ең үлгили министр орынбасары, Атом энергиясы агентлиги директоры Азим Аҳмадхўжаев ең үлгили агентлик директоры, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы Халилилло Тўрахўжаев ең үлгили комитет баслығы сыпатында тән алынды.

Мәмлекетимиз басшысы тән алынған хызметкерлерди лаўазымын бир басқышқа көтериў ҳәм басшы кадрлар резервине киргизиў усынысын билдирди. Олардың өз үстинде турақлы ислеўи, жаңаша пикирлеўи ҳәм мийнет жумысына инновациялық қатнасларды енгизиўи басқалар ушын үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президентимиз келеси басқышларда бағдарлама және де ашық ҳәм талапшаң болатуғынын атап өтти. Буннан былай жақсы нәтийже көрсеткен уйымлар менен бирге нәтийжелилик ҳәм хызмет сапасы бойынша артта қалып атырған шөлкемлер де ашық айтылады. Бул мәмлекетлик уйымларды өз жумысына қалыс баҳа бериў, кемшиликлерди сапластырыў ҳәм халық алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға шақырады.

Енди “Сапалы мәмлекетлик басқарыў” бағдарламасы ҳәр еки жылда өткериледи. Кейинги басқыштан онда жергиликли ҳәкимликлер де қатнасады. Себеби реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын, төменги буўында, район ҳәм қалалар дәрежесинде сезилиўи керек.

Мәмлекетимиз басшысы халық исенетуғын, инсан қәдирин улығлайтуғын, адамлардың аўырын жеңил ететуғын нәтийжели мәмлекетлик системаны жаратыў буннан былай да тийкарғы ўазыйпа болып қалатуғынын атап өтти. Министрликлер ҳәм уйымлардың жумысында “процесс ушын” емес, “нәтийже ушын” ислеў принципи тийкарғы өлшемге айланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА