Президентимиз перспективалы басламалар презентациясы менен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумы шеңберинде сайлап алынған жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетли тәрепи – халықтың, әсиресе, жаслар ҳәм интакер пуқаралардың алдыңғы идеяларын қоллап-қуўатлаў, оларды әмелий жойбарларға айландырыў ушын ашық ҳәм нәтийжели механизмлер жаратыў болып есапланады.

Усы мақсетте Президентимиздиң 2025-жыл 14-июльдеги “Реформаларды әмелге асырыўда перспективалы басламаларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық, “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумын өткериў әмелияты жолға қойылған. Оның тийкарғы мақсети кең жәмийетшилик тәрепинен алға қойылып атырған әҳмийетли усынысларды таңлап алыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм турмысқа енгизиўден ибарат.

Форум шеңберинде kelajakuchun.gov.uz краудплатформасы иске қосылды. Бул арқалы халық өз басламаларын ашық түрде усыныў, оларды додалаў ҳәм экспертлик баҳалаўдан өткериў имканияты жаратылды.

Быйылғы форум ушын шөлкемлестириў комитети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў, экология, суў тәмийнаты ҳәм “жасыл” энергетика қамтып алыўын кеңейтиў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў, медицина ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, суд-ҳуқық системасын заманагөй көзқараслар тийкарында раўажландырыў тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.

Форум жәрияланғаннан соң, халықтан 1 мың 300 ден аслам усыныс ҳәм басламалар келип түсти. Дәслеп олар Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги және “Бизнести раўажландырыў банки” тәрепинен көрип шығылып, белгиленген тийкарғы бағдарлар кесиминде улыўмаластырылды.

Буннан соң басламалар Менторлар кеңесиниң ағзалары ҳәм тараў экспертлериниң қатнасыўында талланып, әмелий әҳмиети, енгизиў имканияты, социаллық-экономикалық нәтийжеси ҳәм кеңейтиў перспективалары көзқарасынан баҳаланды. Бул процесс жуўмақлары бойынша ең әҳмийетли жойбарлар “ТОП-50” ҳәм “ТОП-10” дизимлерине сайлап алынды.
Форумның биринши күнинде “ТОП-10” баслама авторларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Жеңимпазларға сертификатлар ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысына усынылған жойбарлар арасында жол қурылысында пластикалық шығындылардан пайдаланыў, инновациялық ҳаўа тазалаў үскенесин ислеп шығыў, шетки аймақларды көшпели қурылма жәрдеминде энергия менен тәмийинлеў, пиядалар жолында автоматластырылған ескертиў системасын енгизиў, миллий инженерлик платформасын жаратыў сыяқлы басламалар бар.
Презентацияда бул идеялардың ҳәр бири белгили бир социаллық ямаса экономикалық машқаланы шешиўге қаратылғаны атап өтилди.
Жойбарлар тийисли бағдарлар бойынша Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Транспорт министрлиги, Автомобиль жоллары комитети ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлерге бириктириледи.
Оларды әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланып, ҳәр бир басламаның орынланыўы системалы түрде бақлап барылады. “Бизнести раўажландырыў банки” АРБ перспективалы жойбарларды қаржыландырыў ҳәм олардың орынланыўын турақлы мониторинг етиўде қатнасады.
Мәмлекетимиз басшысы басламалардың әмелий нәтийжесине айрықша итибар қаратыў, авторлар менен бирге ислесиў, ҳәр бир жойбарды турмыслық, экономикалық нәтийже беретуғын ҳәм адамларға пайда келтиретуғын шешимге айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
ӨзА