Түркий мәмлекетлер шөлкеми Судьялар кеңеслери басшыларының IV мәжилиси қатнасыўшыларына

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди түркий цивилизацияның әййемги орайларынан бири болған ески ҳәм бәрқулла нәўқыран Самарқанд қаласында шын жүректен қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Әлбетте, бул мәжилистиң бәрқулла әдиллик принциплерине сүйенип жумыс ислеген Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатының пайтахтында, ол инсанның 690 жыллық қутлы туўылған күни халықаралық көлемде кеңнен белгиленип атырған күнлерде болып өтип атырғаны әнжуманға айрықша көтериңкилик бағышламақта.
Дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм абырайы барған сайын артып атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бүгинги күнде түркий бирлик ҳәм раўажланыў бағдарында әҳмийетли роль атқарып атырғаны бәршемизге жоқары мақтаныш бағышлайды.
Ҳүрметли дослар!
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жумысында нызам үстинлигин тәмийинлеў, нәтийжели басқарыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери айрықша орын ийелейди. Әсиресе, дүньяның геосиясий картасында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған, қарама-қарсылықлар көлеми, келиспеўшиликлер күшейип атырған ҳәзирги қыйын жағдайда әне усы мәселелерди биргеликте додалаў ҳәм бул бағдарда нәтийжели шешимлер табыў айрықша әҳмийетке ийе.
Әлбетте, мәмлекетлеримиз турмысында әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлейтуғын, инсан ҳуқықларын қорғайтуғын ҳәм күшли судьялар корпусын жаратыўда Судьялар кеңеслеринен үмитимиз үлкен.
Мине, усы көзқарастан қарағанда, бүгинги мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелер Кеңеслердиң келешектеги жумысында жаңа бағдарларды белгилеп береди, деп исенемен.
Атап айтқанда, әнжуман шеңберинде қол қойылыўы күтилип атырған Ағза мәмлекетлерде Судьялар әдебиятының улыўмалық принциплери ҳаққындағы өз-ара түсинисиў меморандумы түркий халықлардың тарийхый-ҳуқықый дәстүрлериниң улыўмалығын ҳәм суд системалары арасында улыўмалық әдеп-икрамлылық нормаларының бирлигин беккемлеўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, бул әҳмийетли ҳүжжет судьялардың халықаралық көлемде тән алынған минез-қулық нормаларының әҳмийетин тән алып, миллий ҳуқықый дәстүрлерге ҳүрмет пенен қатнас жасаўды да нәзерде тутады.
Усы жылдың 6-май күни Ташкентте болып өткен Әдил судлаў академиялары форумында суд-ҳуқық тараўында түркий мәмлекетлер билимлендириў системасын шөлкемлестириўдиң минимал стандартларына байланыслы халықаралық ҳүжжет қабыл етилгенин атап өтиў керек.
Бул мәмлекетлеримизде судьяларды таярлаўдың жаңа ҳәм универсал системасын енгизиўге қаратылғаны менен айрықша дыққатқа ылайық.
Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!
Сизлер Самарқанд мәжилисинде барлық мәмлекетлер ушын тийкарғы ўазыйпалардан бири болған нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўдай ийгиликли мақсетлер жолында салмақлы нәтийжелерге ерисесиз, деп исенемен.
Ең әҳмийетлиси, бундай форумлар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик, халықларымыз арасындағы жақын дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын және де беккемлеўге, түркий дүньяның халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин арттырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.
Сизлерди усы илаждағы қатнасыўыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен әўметлер, беккем денсаўлық, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикаси Президенти