Биогаз автомобиль жанылғысын ислеп шығарыў жойбары додаланды

171

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрмановтың Қубла Кореяның «ECO BIO» LLC компаниясы ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасында биогаз автомобиль жанылғысын ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў мәселелерине бағышланған ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиўлер даўамында улыўма баҳасы 32,5 миллион АҚШ долларын қурайтуғын бул жойбарды аймақта әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық тәреплери ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда, қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў, экологиялық таза жанылғы ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм заманагөй инновациялық технологияларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының бар потенциалы, шийки зат базасы ҳәм инвестициялық имканиятлары бойынша пикир алысып, биогаз ислеп шығарыў қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм автомобиль жанылғысын ислеп шығарыўды локализациялаў перспективалары көрип шығылды.

Тәреплер бул жойбар аймақ экономикасын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм «жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында жойбар бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги