Өзбекстанда инсан қәдирин ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған миграция сиясаты избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди

Олий Мажлис Сенатына Халықаралық миграция шөлкеминиң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Артур Еркен келди.
Сенат баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы миграцияны тәмийинлеў, адам саўдасына қарсы гүресиў, мийнет мигрантларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў және миграция тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өзбекстан ҳәм Халықаралық миграция шөлкеми арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, мақсетли биргеликтеги жойбарларды кеңейтиў ҳәм превентив механизмлерди жетилистириў, миграция тараўында алдынғы тәжирийбелерди үйрениў бойынша пикир алысылды.

Санлы технологиялар шараятында пайда болып атырған адам саўдасының жаңа түрлери, онлайн эксплуатация ҳәм виртуал платформалар арқалы жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған миграция сиясаты избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, адам саўдасы ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, тәртипли мийнет миграциясын қоллап-қуўатлаў, мигрантлардың ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды кәсип ҳәм тилге оқытыў, сондай-ақ, сырт елде қәўипсиз мийнет етиўди тәмийинлеў және қайтқан мигрантларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы