Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

24

19-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине креативлик экономиканы раўажландырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан басланды.

Атап өтилгениндей, елимиз экономикасын инновациялық жақтан раўажландырыўды хошаметлеўге, бул тараўдағы дөретиўшилик потенциалды экономикалық қунға айландырыўға ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға, жаслар ҳәм исбилерменлердиң дөретиўшилик басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, креативлик экономиканың избе-из раўажланыўын тәмийинлеў усы тараўдағы субъектлер ушын және де қолайлы шараятлар, хошаметлеўши механизмлер жаратыўды ҳәм жеңилликлер бериўди талап етпекте.

Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры және Креативлик индустрия парки резидентлери тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарларға тартылған қәнигелер ушын айырым салық жеңилликлери берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, 2026-жылдан 2030-жылға шекемги дәўирде сырт елли контрагентлер қосымша қун салығын, төлем дерегинде пайда салығын ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етиледи. Онда бул жеңиллик сырт елли контрагентлер креативлик индустрия тараўына тиккелей байланыслы болған жумысларды орынлаў, хызметлер көрсетиў ушын тартылғанда қолланылатуғыны белгиленбекте.

Сенат ағзалары өз шығып сөйлеўлеринде бул жеңилликлердиң тек ғана креативлик тараўдағы жумыс ҳәм хызметлерге қолланылыўы тараўға сырт елли қәнигелерди тартыў, жойбарлардың сапасын ҳәм көлемин арттырыў және миллий креативлик өнимлерди халықаралық базарға шығарыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, әмелиятта креативлик индустрия парки резиденти статусын алыў ушын субъекттиң бизнес режеси мақулланыўы ҳәм жәми жыллық дәраматының кеминде 80 проценти креативлик тараўдағы жумыстан қәлиплесиўи шәрт етип белгиленген. Нызам менен болса жаңадан шөлкемлестирилген субъектлер ушын бул талап дәслепки басқышта қолланылмайтуғыны, бирақ қаржы жылы жуўмақларына бола талаплар орынланбаса, салық жеңилликлери қайта есапланатуғыны ҳәм бюджетке өндирилетуғыны белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам креативлик индустрияны қоллап-қуўатлаў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық мәдений илажларды нәтийжели шөлкемлестириў және тараўда турақлылық ҳәм әдил бәсекини тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Буннан кейин “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўға заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Нызам менен “Туқымгершилик ҳаққында”ғы ҳәм “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы нызамларға Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының атамасы анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлиги өзиниң ҳәм мийўе-овощ бағдарындағы өним жетистириўши, қайта ислеўши субъектлердиң, ыссыхана хожалықларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға берилген арза, даўа ҳәм шағымлары бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, мийўе-овощ жетистириў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, аграр тараўдағы республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бир пүтин системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың он бесинши жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының Жаңа раўажланыў банки ҳаққындағы Келисимге (Форталеза, 2014-жыл 15-июль) қосылыўы ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, Келисимниң тийкарғы мақсети – инвестициялық жумыс арқалы қатнасыўшы мәмлекетлердиң өз-ара саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларын кеңейтиўге жәрдемлесиў болып табылады.

Жаңа раўажланыў банкине ағза болыў мәмлекетимиз ушын сырт ел инвестицияларын тартыў, инфраструктура ҳәм турақлы раўажланыў тараўларындағы ири жойбарларды қаржыландырыў имканиятларын кеңейтеди.

Банк мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде кредитлер ажыратыў, кепилликлер бериў ҳәм инвестиция киргизиў сыяқлы заманагөй финанслық инструментлерден пайдаланады.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасының халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўин кеңейтиўге, инвестицияларды тартыўға ҳәм экономика тармақларын модернизациялаўға, сондай-ақ, мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеўге және инфраструктураны раўажландырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде “Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам менен әскерий хызметке мәжбүрлер ҳәм шақырылыўшылар ҳаққындағы мәлимлемени реал ўақыт режиминде уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы алмасыў, әскерий дизимге алыў системасын жетилистириў ҳәм сержантлар қурамы ушын жаңа әскерий атақларды енгизиў нәзерде тутылған.

Нызамның бундай көплеген унамлы тәреплерине қарамастан, сенаторлар, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери және экспертлер тәрепинен нызамның айырым нормалары әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына толық муўапық емеслиги атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери, әскерий дизимди жүргизиў тәртиби, уйымлараралық мәлимлеме алмасыўы ҳәм пуқаралардың ҳуқықларына байланыслы айырым нормаларды қайта ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, нызамның қабыл етилиўи мүнәсибети менен басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге киргизилиўи керек болған өзгерис ҳәм қосымшалар жетерлише талланбағаны атап өтилди.

Сенаторлар бундай жағдайлар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң турақлылығына унамсыз тәсир көрсетиўи, ҳуқықты қолланыў әмелиятында қыйыншылықлар туўдырыўы мүмкин екенлигине итибар қаратты.

Сенаторлар нызамды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сенаттың жалпы мәжилисинде қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Ш.Ҳидоятовқа қурылыс тараўында коррупцияның алдын алыў нызамшылығына әмел етиў бойынша парламентлик сораў жибериў мәселеси де додаланды.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда қурылыс тараўы экономиканың “драйвери” сыпатында белгиленип, тараўды санластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, тараўда инсан қәдирин улығлаўға ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге, коррупция ҳәм мәплер соқлығысыўын сапластырыўға тосқынлық етип атырған айырым системалы машқалалар да сақланып қалып атырғаны бақланбақта.

Атап айтқанда, тараўда финанслық тәртипти беккемлеў ҳәм лаўазым ўәкилликлерин өз мәпине пайдаланыў жағдайларына шек қойыў мақсетинде ишки қадағалаў механизмлерин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ҳәм күшейтиў зәрүрлиги бар.

Таллаўлар қурылыс объектлеринде қәўипсизлик техникасы талапларына қатаң әмел етиў ҳәм инсан өмирин қорғаў ең тийкарғы ўазыйпа екенин көрсетпекте. Сол себепли бул бағдарда қадағалаў системасын жетилистириў бойынша министрлик алдына қатаң ўазыйпалар қойылатуғыны атап өтилди.

Тараўда халықтан келип түсип атырған шағымларды көрип шығыў нәтийжесизлиги бойынша кескин наразылықлар билдирилип, пуқаралардың ҳуқықларын тәмийинлеўде бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Руўхый ескирген айырым қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларын халықаралық стандартлар тийкарында жеделлик пенен хатлаўдан өткериў ҳәм жаңалаў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, парламентлик сораўда министрликтен коррупцияға шек қойыў, мәмлекетлик сатып алыўларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қурылыстың сапасын қадағалаў ҳәм жумысшылар ушын қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша тийкарланған түсиник бериў талап етилди.

Додалаў жуўмақлары бойынша Сенаттың тийисли парламентлик сораўды жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде Министрлер Кабинетине мәмлекетимизде тәбийий, техноген ҳәм экологиялық өзгешеликтеги айрықша жағдайлар мониторинги жағдайы бойынша парламентлик сораў жибериў мәселеси көрип шығылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы жыллары халық ҳәм аймақларды тәбийий апатшылықлар және техноген авариялардан қорғаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, тараўды раўажландырыўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, айрықша жағдайлардан қорғаў системасы жаңа басқышқа алып шығылмақта.

Соның менен бирге, әмелге асырылған таллаўлар тараўда бир қатар системалы машқалалардың сақланып қалып атырғанын көрсетти. Соның ишинде, айрықша жағдайларды мониторинг етиў, мәлимлеме алмасыў ҳәм прогнозлаў системасын толық жолға қойыў, уйымлараралық интеграцияны тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў ҳәм маман кадрлар менен тәмийинлеў мәселелери әҳмийетлилигинше қалмақта.

Атап өтилгениндей, 2025-жыл даўамында мәмлекетимизде 82 айрықша жағдай жүз берип, олар ақыбетинде инсанлар қайтыс болған ҳәм жарақатланған. Сондай-ақ, өртлер ҳәм газ-ҳаўа араласпаларының жарылыўы менен байланыслы жағдайлар санының артқаны да тәшўишке салмақта.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде айрықша жағдайлардың алдын алыў, оларды ерте анықлаў ҳәм ақыбетлерин азайтыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

Додалаў жуўмағында Сенаттың Министрлер Кабинетине мәмлекетимизде тәбийий, техноген ҳәм экологиялық өзгешеликтеги айрықша жағдайлар мониторинги жағдайы бойынша парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Парламент жоқары палатасының 15-жалпы мәжилисинде Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Балалар омбудсманының) 2025-жылы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен әмел етилиўи жағдайы ҳаққындағы баянаты додаланды.

Атап өтилгениндей, 2025-жылы Балалар омбудсманы атына Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм омбудсманлары, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа да юридикалық тәреплерден 1 934 мүрәжат келип түсип, олардың 509 ы унамлы шешилген ҳәм 708 и бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген.

Мүрәжатлардың ең көп саны Ташкент қаласы (470), Сурхандәрья (254), Ташкент ўәлаятларына (236) туўра келеди.

Сондай-ақ, 2025-жылы Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң 35 жеке қабыллаўында 141 пуқараның мүрәжаты көрип шығылған.

Мүрәжатларды таллаў ҳәм мониторинг жумысы тийкарында мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылыўына жол қойылғанлығы бойынша 3 ескертиў, 6 усыныс, 25 жуўмақ ҳәм 3 суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳаққында өтиниш киргизилген.

Мүрәжатларды үйрениў нәтийжесинде анықланған балаларға исленген зорлық жағдайлары бойынша 19 жынаят иси ҳәм 26 ҳәкимшилик ис қозғатылған. Буннан тысқары, 20 жынаят исин қозғатыўды бийкарлаў ҳаққындағы қарар бийкар етилип, қосымша тергеўге шекем тексериў алып барыў ушын жиберилген.

Интернет тармағында өткерилген мониторинг нәтийжесинде анықланған бала ҳуқықларының бузылыўына байланыслы жағдайлар бойынша 23 жынаят иси ҳәм 28 ҳәкимшилик ис қозғатылыўы тәмийинленген.

Билимлендириў мәкемелеринде балаға физикалық жаза қолланғаны, өз кәсиплик жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын 15 педагог хызметкерге ҳәкимшилик жаза, балаға қолайсыз мүнәсибетте болғаны ушын болса 6 педагог хызметкерге интизамый жаза шарасы қолланылған. Сондай-ақ, балаға байланыслы нызамшылық бузылыўына жол қойғаны ушын ҳуқық қорғаў уйымының 2 хызметкерине интизамый жаза белгиленген.

Сенаторлар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў тараўындағы реформалар және бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмел етилиўи бойынша бир қатар пикир ҳәм усыныслар билдирилди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттың 15-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Олий Мажлис Сенатының бул мәселе бойынша қабыл етилген қарарына муўапық Қаҳрамон Мирсафаев ҳәм Махфират Очилова он жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайланды.

Басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен И.Болтаходжаева, Б.Исраилов, Г.Парпиева, Ж.Расулов, Н.Расулов, Н.Рахманов, сондай-ақ, өз арзасына бола Ш.Болиев, Б.Тангабаев, Н.Хаджиматов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.

Парламент жоқары палатасының ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселесин де додалады ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 20 мәселе, соның ишинде, 15 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенаты

Мәлимлеме хызмети