Халықаралық кинофестивальда жеңимпазлықты қолға киргизген жас дөретиўшилерди сыйлықлаў ҳаққында

28

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзиниң жарқын таланты, жоқары профессионаллық шеберлиги ҳәм излениўшеңлиги, нәтийжели дөретиўшилик жумысы менен елимизде кино көркем өнерин раўажландырыў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў, халқымыздың көркем-эстетикалық ҳәм руўхый потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырғаны, Францияның Канн қаласында өткерилген инклюзив фильмлер халықаралық фестивалында “Қәдем. Қуяш баласы Юсуф” қысқа метражлы фильми менен табыслы қатнасып, бас сыйлық – Гран-приди қолға киргизгени, миллий қәдириятларымызды сәўлелендиретуғын көркем образларды жаратыў, жас әўлад қәлбинде ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин күшейтиў бағдарындағы хызметлери ушын төмендегилер “Келажак бунёдкори” медалы менен сыйлықлансын:

Қодиров Суҳроб Толмасович  – еркин дөретиўши, сценарист, кинорежиссёр;

Усмонов Дилшодбек Холмурод ўғли  – С.А.Герасимов атындағы Пүткилроссия мәмлекетлик кинематография институтының Ташкент қаласындағы филиалы студенти, кинорежиссёр.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев