Журналистлер орайда жаратылған шараятлар менен танысты

27

Соңғы жыллары мәмлекетимизде аўыл хожалығын раўажландырыў, жерлердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда илимий тийкарда жумыс алып барыў, әсиресе, топырақ қурамын анализлеў арқалы егислик майданларының жағдайын үйрениў жумыслары үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайына пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаждан тийкарғы мақсет — аўыл хожалығында топырақ анализиниң әҳмийети, агрохимиялық лабораторияларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм тараўда енгизилип атырған заманагөй технологиялар менен журналистлерди жақыннан таныстырыўдан ибарат болды.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар орайдағы лабораториялардың жумыслары менен жақыннан танысты. Қәнигелер тәрепинен топырақ үлгилерин қабыллаў, анализ процесслери, минерал ҳәм органикалық төгинлердиң қурамын анықлаў ҳәм олардың мәмлекетлик стандартларға муўапықлығын тексериў басқышлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, агрохимиялық анализлердиң нәтийжелери фермерлер менен дийқанларға жерден өнимли пайдаланыў, егин түрине сәйкес төгинлерден дурыс пайдаланыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў бойынша илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм илимий тийкарда әмелге асырыў, топырақтың жағдайын үзликсиз анализлеп барыў ҳәм төгинлерден стандарт тийкарында пайдаланыў жоқары ҳәм сапалы өним алыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып табылады. Орайда топырақлардың зыянлы пестицидлер, аўыр металл қалдықлары ҳәм басқа да затлар менен патасланыў жағдайын анықлаў бойынша да мониторинг жумыслары алып барылмақта.

– Жәҳән банкиниң қәўендерлиги есабынан 96000 долларға Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайының имараты қайта реконструцияланып, бүгинги күнде оңлаў жумыслары толық жуўмақланды, – дейди усы орайдың баслығы Тимур Абдиров. – Бүгинги күнде орай Германия, Россия ҳәм Ҳиндистанда ислеп шығарылған заманагөй лабораториялық үскенелер менен тәмийинленген.

Бул анализлерди жоқары анықлық пенен жедел әмелге асырыў имканиятын бермекте. Қәнигелердиң маманлығы үзликсиз арттырып барылмақта. Тараўдағы заманагөй тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиўге де айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайы быйыл усы күнге шекем фермерлерге, кластерлерге ҳәм қыйтақ жер ийелерине тийисли суўғарылатуғын егислик майданлардан 29987,4 гектарлық майданға шәртнама дүзди. Дүзилген шәртнамаларға тийкарланып 22401 гектарлық егислик майданлардың топырақлары анализден өткерилип, агрохимиялық картограммалар ислеп шығылды ҳәм uzagrolab.uz электрон платформасына жайластырылды.

Сондай-ақ, пайдаланыўшыларды сапалы минерал төгинлер менен тәмийинлеў мақсетинде минерал төгин ислеп шығарыўшылар ҳәм оны жеткерип бериўшилер менен де 15 шәртнама дүзилип, 104 үлги агрохимиялық анализден өткерилип тийисли жуўмақлар берилди.

Илажда қатнасыўшылар бундай ашық сәўбетлесиўлердиң тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Илаж даўамында журналистлер лабораторияда әмелге асырылып атырған анализ процесслерин тиккелей бақлаў имканиятына ийе болып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги