Китапқумарлықты раўажландырыўға қосылып атырған үлес

Соңғы жыллары мәмлекетимизде китапқумарлықты раўажландырыў бағдарында көплеген реформалар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның төртиншиси – жаслардың руўхый дүньясын байытыў, олар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған.
Сондай-ақ, китапқумарларға шараятлар жаратыў ушын аймақларда китапханалардың саны барған сайын артып бармақта.
Атап айтқанда, Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы жасларға тек ғана китап алыў емес, ал ықшам орталықта китап оқыўдан заўық алыў имканиятын да усынады.
Китапхана текшелеринен әдебий ҳәм сиясий, әмелий ҳәм тәбийий пәнлер, филология ҳәм тилтаныў сыяқлы 10 нан аслам бағдардағы 25 мыңнан аслам шығармалар орын алған.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул ағартыўшылық орайы оқыўшы ҳәм изертлеўшилер ушын тартымлы ағартыўшылық орайына айланған. Китапқумарлар итибарына қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллериндеги көркем шығармалар ҳәм энциклопедиялардан баслап, балалар ҳәм илимий-ғалабалық китапларға шекемги сайланды әдебиятлар топламы усынылады.
Китапхананың абонент ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм есапқа алыў, мәлимлеме-библиография, китап фондын толықтырыў, сақлаў ҳәм оларды қайта ислеў хызметлери жүдә әҳмийетли есапланады.
Заманагөй дәўир талаплары тийкарында санластырыў бойынша Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы үлкен жумысларды әмелге асырған. Китапхананың санлы архивлери пайдаланыўшылар ушын электрон форматта китап ҳәм басқа да мағлыўматларды оқыў имканиятын жаратады. Интернет арқалы аралықтан пайдаланыў хызмети болса изертлеўшилер ҳәм китапқумарларға дүньяның қәлеген мүйешинен мағлыўмат алыў имканиятын береди.

“Unicat” системасы арқалы фондтағы әдебиятлар электрон базаға киргизилип барылмақта. Орайдың электрон ресурслар базасында жәми 300 дана мәлимлеме-библиографиялық мағлыўматлар ҳәм тестлер, мультфильмлер, сабақлықлар жәмленген 81 дана CD диск оқыў залында пайдаланыўшылардың итибарына усынылған.
Китапхана тек ғана бар фонд пенен шекленип қалмастан, жылдан-жылға жаңаланып бармақта. Атап айтқанда, 2023-жылы 1 мың 778 атамадағы 9 мың 343 дана, 2024-жылы болса 335 атамадағы 1 мың 229 дана жаңа әдебият алып келинди. Өткен жылы китапхана жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм материаллық базасын беккемлеўге бюджет ҳәм ҳәкимлик қәрежетлеринен жәми 25 миллион 470 мың сум қаржы ажыратылып, 86 атамадағы 368 дана жаңа китап ҳәм баспасөз (газета-журналлар) ушын абонентлик жолламалары сатып алынды.
– Бизде жети жастан жетпис жасқа шекемги китапқумарларға сапалы хызмет көрсетиледи. Оқыў залында әдебий китаплар менен бирге, газета-журналлар оқыў, интернеттен бийпул пайдаланыў ҳәм электрон китапларды жүклеп алыў имканиятлары жаратылған, – дейди орай директоры Л.Нурымбетова. – Китапхананың бүгинги раўажланыўын статистикалық көрсеткишлер де тастыйықлайды. Мәселен, қатнасыўшылардың жыллық қатнаў саны 41 мың 37 ге жетти. Китап тиражы болса ҳәр жылы 101 мыңнан асып, үзликсиз өсиў тенденциясын көрсетип тур. Бул санлар Нөкис районы жасларының илимге ҳәм мәнаўиятқа болған умтылысы барған сайын артып баратырғанының айқын дәлили болып табылады.
Ҳүрлиман Қалыбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги