Жаслардың спорттағы жетискенликлери

Пәрман ҳәм оның орынланыўы
Cоңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде спорт тараўында раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда Хожели районында да бир канша илажлар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде Хожели районы спорт мектебинде жаслардың спортқа болған қызығыўшылығы артып, олар өзлери қызыққан спорт түрлери менен турақлы шуғылланып келмекте. Әсиресе, спорттың бокс түри бойынша нәтийжелер итибарға ылайық.
Хожели районы спорт мектебинде бүгинги күнде бокс бойынша 13 тренер жас спортшылар менен ислесип келмекте. Олардан 7 спортшы жоқары мағлыўматқа, 1 тренер жоқары категорияға, 4 тренер биринши категорияға ийе.
Бүгинги күнде спорттың бокс түри бойынша 452 спортшы 43 топарда шуғылланып келмекте. Олардың арасында 18 қыз спортшы бар болып, олар да жақсы жетискенликлерге ериспекте.
Президент Олимпиадасында Улбосын Джалғасбаева 1-орынды ийелеп, тренери Мақсет Жумабаевтың мийнетлерин ақлады. Сондай-ақ, Президент Олимпиадасының республика басқышына Мирадил Махмудов ҳәм Жахангир Жумамуратов мүнәсип қатнасып қайтты.
Тренерлер қатарында Өзбекстанның бурынғы профессионал боксшысы, Азия ойынлары чемпионы Алишер Авезбаевтың да хызмет алып барып атырғаны итибарға ылайық. Ол өзиниң бай тәжрийбесин жас спортшыларға үйретип келмекте.
Өткен жылы хожелиши спортшылар Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионатлары, кубок жарыслары ҳәм халықаралық турнирлерге табыслы қатнасып, жәми 53 медаль, яғный 8 алтын, 19 гүмис ҳәм 11 қола медальды қолға киргизди.



– Бизиң тийкарғы мақсетимиз — жасларды спортқа кеңнен тартыў ҳәм оларды барынша қоллап-қуўатлаў, – дейди Хожели районы спорт мектебиниң директори Иса Турсынбаев. – Спортшыларымыздың жетискенликлери бизге және де үлкен жуўапкершилик жүклемекте.
Сәрбиназ Сейтназарова
Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы хәм журналистика факултьтети 1- курс студенти
Қарақалпакстан хабар агентлиги