53 жыллық тәжирийбе: дийқаншылықта берекет ҳәм табыс сыры

Бүгинги күнде аўыл хожалығы тараўында өзиниң ҳадал мийнети, үлкен тәжирийбеси ҳәм тынымсыз излениўи менен жоқары табысларға ерисип киятырған дийқан-фермерлер заманласларына үлги болмақта.
Мине, усындай пидайы инсанлардың бири – Нөкис қаласында жасайтуғын, көп жыллық тәжирийбеге ийе дийқан Нурмухаммед Досымбетов 53 жылдан берли жер менен ислеўди өмириниң тийкарғы мазмунына айландырып, дийқаншылық тараўында бай тәжирийбе топлаған.
Н.Досымбетов бүгинги күнде Нөкис қаласында жасайды. Тахтакөпир районында туўылып өскен. Ол балалығынан жер менен ислеўге қызыққан. Дийқаншылықтың дәслепки сырларын анасынан үйренген.
– Бурынлары ҳәмме нәрсе қол мийнети менен исленетуғын еди. Анам менен бирге атызға шығып, егин егиўди, жерге қайта ислеў бериўди үйрендим. Соннан берли жер менен ислесиў өмиримниң бир бөлегине айланды, – дейди Н.Досымбетов. – Дәслеп қаўын, тары ҳәм мәкке сыяқлы егинлерди егип тәжирийбе арттырдым.
2002-жылы шаңарағым менен Нөкис қаласының Хожан аўыл елатына көшип келгеннен соң, қыйтақ жер ушын ярым гектар жер алдым ҳәм бул жерде өз жумысымды басладым. Дәслеп бағ жаратып, ҳәр қыйлы мийўели тереклер отырғыздым. Әсиресе, жүзим тәрбиясына айрықша итибар қаратып, зүрәәт мол болып, жүзим саўдасынан дәслепки үлкен дәрамат алдым. Сол ўақыттағы 2-3 миллион сумлық пайда келешектеги режелериме үлкен түртки болды.
Соң Н.Досымбетов заманагөй усылда ыссыхана қурыўға қарар етеди. Дәслеп 1 сотыхлық майданда шөлкемлестирилген ыссыханада помидор, қыяр, чеснок, петрушка, мәкке, ғарбыз нәллерин, қулпынай ҳәм басқа да ҳәр қыйлы көк шөп өнимлерин жетистире баслайды.
Помидор ҳәм қыяр ушын турақлы ығаллық ҳәм температура талап етилсе, қулпынай өз алдына күтимди ҳәм сапалы төгинди талап етеди. Ал, көк шөплер қысқа мүддетте өним берип, базарда тез сатылады. Әсиресе, қыс мәўсиминде ыссыханада жетистирилген жаңа өнимлерге талап жоқары болады.
– Ыссыханада мийнет көп. Температураны бақламасаң ямаса суўды ўақтында бермесең зүрәәт азаяды. Бирақ, мийнеттиң артынан берекет келеди, – дейди тәжирийбели дийқан.
Тынымсыз мийнетиниң нәтийжесинде ол жылына еки мәрте зүрәәт алыўға ериспекте. Жетистирилген өнимлер Нөкис қаласындағы дийқан базарларына шығарылады. Әлбетте, қарыйдарлар тәбийий ҳәм таза өнимлерди қанаатланыўшылық пенен сатып алады.
Бүгинги күнде Н.Досымбетов тек ғана дийқаншылық пенен шекленип қалмаған. Ол денсаўлық ушын пайдалы болған пал ҳәррешилик пенен де шуғылланбақта. Дәслеп бир дана пал ҳәрре қутысы менен баслаған жумысы бүгин әсте-ақырын раўажланып бармақта. Жылдың ақырында алынатуғын тәбийий пал шаңарағының дәраматының және бир дерегине айланған.
Сондай-ақ, ол бөдене сақлаўды да жолға қойған. Ҳәзирги ўақытта үйинде 50 ге шамалас бөдене тәрбияланбақта. Бөдене мәйеги ҳәм гөши пайдалы болғаны себепли оларға болған талап күшли. Көп жыллық тәжирийбеге ийе дийқанның пикиринше, инсан жерге меҳир менен қатнаста болса, жер әлбетте, өз мол өнимин береди.
– Ҳәзир жаслар таяр жумыс излейди. Негизинде, жер менен ислесиў ең ҳадал кәсиплерден бири. Ҳәрекет еткен адам әлбетте, нәтийжеге ериседи, – дейди Н.Досымбетов.
Ҳақыйқатында да, бундай пидайы инсанлардың мийнети себепли атызларда мол өним жетистирилип базарларымыз толып, халқымыз сапалы азық-аўқат пенен тәмийинленбекте ҳәм аўыл хожалығының раўажланыўына мүнәсип үлес қосылмақта.



Бахытлы Жанназарова,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультетиниң 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги