Университетте Контент жаратыў орайы ашылды

«Юксалиш» ҳәрекети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде 2025-жылы Конрад Аденауэр фондының Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда социаллық раўажланыў ушын пуқаралық жәмийетиниң имканиятларын кеңейтиў» жойбары шеңберинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылған еди. Усы меморандумға муўапық университетте Контент жаратыў орайын шөлкемлестириў режелестирилген.
Европа Аўқамы менен биргеликте қаржыландырылып атырған Конрад Аденауэр фондының Өзбекстандағы ўәкилханасы, миллий шерик – «Юксалиш» ҳәрекети менен әмелге асырылып атырған усы жойбары шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Медиа хаб орайының ашылыў мәресими өткерилди.
Илажда «Юксалиш» ҳәрекети баслығының биринши орынбасары, атқарыўшы директор А.Маматханов, «Юксалиш» ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Романов, Юридика факультетиниң жәмәәти ҳәм жойбарға ағзалыққа қабыл етилген студент-жаслар қатнасты.
Илаж даўамында шығып сөйлегенлер, бул орай жаслардың медиа саўатлылығын арттырыў, заманагөй контент жаратыў көнликпелерин қәлиплестириў, дөретиўшилик ҳәм инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли майдан болып хызмет ететуғынын атап өтти.
Жойбар шеңберинде мақсетли аймақларда медиа саўатлылық дәрежесин арттырыў, жалған мағлыўматлардың тарқалыўына қарсы гүресиў, пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң санлы қураллар ҳәм тармақланыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде Контент жаратыў орайларын (А9) шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Бул орайда жаслар ҳуқықый, пикирлесиў, медиа ҳәм санлы саўатлылық бойынша өз билимлерин арттырыў, волонтёрлық тәжирийбесине ийе болыў ҳәм әҳмийетли социаллық мәселелер – жаслардың ҳуқықлары, қоршаған орталық турақлылығы ҳәм гендер теңлиги ҳаққында хабардарлықты арттырыўшы материаллар таярлаў имканиятына ийе болады.
Орай жасларға жергиликли раўажланыў процесслеринде белсене қатнасыў, жетекшилик ҳәм жәмәәтте ислесиў көнликпелерин қәлиплестириў және аймақлардағы пуқаралық жәмийети институтлары ушын санлы тосқынлықларды сапластырыў платформасы болып хызмет етеди.
– Нөкис қаласында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жасларымыздың социаллық белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғын жаңа бир орын – «Контент жаратыў орайы»ның ашылыўында ушырасып турғанымыздан оғада қуўанышлыман – дейди «Юксалиш» ҳәрекети баслығының биринши орынбасары, атқарыўшы директор А.Маматханов. – Бул ири жойбарды биз узақ жыллық исенимли шеригимиз – Конрад Аденауэр фонды менен биргеликте әмелге асырмақтамыз.
Неге енди «Контент жаратыў хабы»? Себеби, бүгин – мәлимлеме әсири. Бүгин жәмийетте болып атырған реформаларды, социаллық машқалаларды ямаса жаңа басламаларды кең жәмийетшиликке жеткериўде заманагөй медиа технологияларының орны шексиз.
Бирақ, тән алыў керек, бүгинги интернет ҳәм мәлимлеме мәканында тек ғана пайдалы мағлыўматлар емес, ал жалған, тийкарсыз ҳәм биймәни контентлер де көбейип кетти. Бундай шараятта жасларымыздың мәлимлемени сайлап алыўы мәселеси, яғный медиа саўатлылық турмыслық зәрүрликке айланды.
Жаслар интернеттеги ҳәр қыйлы алдаўларға берилмеўи, керисинше, өзлери дурыс ҳәм тийкарлы мәлимлеме тарқатыўшы күшке айланыўы керек.
Биз бул жойбар шеңберинде тек ғана Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде емес, ал Қашқадәрья ҳәм Ферғана юридикалық техникумларында да мине, усындай орайларды шөлкемлестирдик. Бүгин ашылып атырған орайға усынылған заманагөй ноутбуклар, камералар ҳәм басқа да зәрүр үскенелер (жәми баҳасы дерлик 7 мың евро) тек ғана техника емес, ал жаслардың идеяларын профессионал дәрежеге алып шығыў ҳәм жоқарыда айтқанымыздай, сапалы контент жаратыўы ушын бир имканият болып есапланады.
Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультетинде «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер зорлыққа қарсы гүресиў» ҳәм «Санлы коммуникация платформасын жаратыў» атамасында оқыў-тренинглер өткерилди. Мийманлар бул факультеттеги студент-жаслар ушын жаратылған заманагөй шараятлар, билимлендириў процесслери ҳәм жаслардың билим алыўы ҳәм дөретиўшилик искерлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги