Автомобиль қурылысы санаатын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёев 19-май күни автомобиль қурылысы санаатын раўажландырыў, өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм тармақтың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған усыныслар менен танысты.
Мәмлекетимизде автомобиль қурылысы тараўының раўажланыўына үлкен итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Бул тармақ жоқары қосымша қун, санаат кооперациясы, мыңлаған жумыс орынлары ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Соӊғы жылларда Өзбекстан автомобиль қурылысы санааты бәсеки ҳәм тутыныўшының мәпине бағдарланған пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Он жыл алдын автомобиль базары дегенде бир ислеп шығарыўшы ҳәм узақ нәўбетлер түсинилген болса, бүгинги күнде “Chevrolet”, “BYD”, “KIA” ҳәм “Hyundai” сыяқлы ири брендлер менен биргеликте 5 автомобиль заводы жумыс алып бармақта.

Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислерди халық тиккелей сезинбекте. Базарда таңлаў кеңейди, узақ гезеклер сапластырылды. Быйыл автомобиль саўдасына 20 банк тартылып, автомобильлердиң 95 проценти бөлип-бөлип төлеў ҳәм қолайлы кредит системасы арқалы сатылды.
Ҳәзирги ўақытта қоңсы мәмлекетлер ушын да автомобиль ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў раўажланбақта. Тараў әтирапында жаңа кооперация шынжырлары қәлиплесип, 10 мыңнан аслам жаслар заманагөй технологиялар тийкарында ислемекте. 300 ден аслам кәрхана “Chevrolet”, 40 қа шамалас кәрхана “KIA” ҳәм “BYD” ушын комплектлеўши бөлеклер жеткерип бермекте.
Презентацияда автомобиль қурылысында өндирис көлемин ҳәм бәнт болғанлардың санын 1 миллионға жеткериў мәселелери көрип шығылды.
Жеңил ҳәм коммерциялық автомобильлерди ислеп шығарыў және жыйнаў бойынша көплеген жойбар усынысларының келип түсип атырғаны Өзбекстанда қолайлы инвестициялық орталық ҳәм жоқары дәраматлы базар қәлиплесип атырғанынан дерек береди. Соның менен бирге, ҳәр бир жойбар базар талабы ҳәм экономикалық нәтийже тийкарында баҳаланыўы, тийкарғы итибар сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы болыўға қаратылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда “Volkswagen” автомобильлерин ислеп шығарыў жойбары ҳаққында мәлимлеме берилди. Режеге бола, биринши басқышта Ташкент қаласында ири узелли өндиристи баслаў нәзерде тутылған. Кейинги басқышта Ангрен еркин экономикалық зонасы аймағында толық циклде өндиристи жолға қойыў, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм экспорт базарларына шығыў режелестирилген.
Бүгинги глобаллық жағдай автомобиль қурылысы тараўына сезилерли тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Сонлықтан, технологиялық еркинликти тәмийинлеў, инновацияларды енгизиў ҳәм экспорт және логистика шеклеўлерине аз байланыслы болған бәсекиге шыдамлы миллий өнимлер жаратыў ўақты келгени атап өтилди.
Бул бағдарда Әндижан ҳәм Жиззақта заманагөй инженерлик мектеплери ашылғаны, жас изертлеўшилер ҳәм инженерлер қәлиплесип атырғаны, улыўма, жергиликли өнимлерди кеңейтиў ҳәм жуўмақлаўшы өним жаратыў ушын зәрүр интеллектуаллық потенциал бар екенлиги көрсетип өтилди.
Усы мақсетте “Өзавтосанаат” АЖ системасында илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысын раўажландырыў белгиленди.
Тараўдағы және бир үлкен имканият – аўысық бөлеклер базары екени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен аўысық бөлеклер базарын тәртипке салыў, жергиликли өнимлердиң үлесин арттырыў, сертификатлаў системасын жетилистириў ҳәм заманагөй сынаў лабораторияларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. 2026-жылдың ақырына шекем халықаралық коньсалтинг компанияларын тартқан ҳалда автомобиль аўысық бөлеклери базарын раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз автомобиль қурылысы санааты мәмлекет экономикасының стратегиялық тармақларынан бири екенин атап өтип, тараўда бәсекини күшейтиў, локализациялаўды тереңлестириў, миллий инженерлик мектебин раўажландырыў бойынша анық тапсырмалар берди.
ӨзА